2018-жыл 17-ноябрь сәнесиниң екинши ярымында депутатлар өз жумысларын даўам еттирди. Онда Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң 2018-жылдың тоғыз айындағы орынланыўы додаланды.

Мәжилисте атап өтилгениндей, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жедел исбилерменликти, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламада белгиленген тийкарғы ўазыйпаларды избе-из әмелге асырыў ҳәм жәмийеттиң социаллық-экономикалық тараўларын түп-тийкарынан раўажландырыў, оған жуўапкер уйымлардың жумысын структуралық өзгертиў бойынша алып барылған реформалардың орынланыўы нәтийжесинде 2018-жылдың тоғыз айы даўамында экономиканың турақлы, тең салмақлы тәризде раўажланыўы және экономикалық өсиўдиң жоқары пәтлери тәмийинленди.

Алдынғы халықаралық тәжирийбени есапқа алған ҳалда, пул-кредит сиясатын және де жетилистириў, валютаны тәртипке салыўдың заманагөй базар механизмлерин енгизиў, санаат дүзилмесиниң диверсификацияланыўы бойынша көрилген илажлар мәмлекет экономикасына сырт ел инвестицияларын кеңнен тартыўға, экспортты қоллап-қуўатлаўға, заманагөй, импорттың орнын басатуғын товар ҳәм өнимлер ислеп шығарылыўын және де арттырыўға, сондай-ақ, исбилерменлик субъектлери ушын сыртқы саўда жумысын әмелге асырыў ўақтында теңдей шараятлар жаратылыўына имканият берди.

Депутатлар бюджетлераралық қатнасықлардың ҳәм салыққа байланыслы ҳәкимшиликтиң заманагөй механизмлери енгизилип атырғанын атап өтип, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 7-июньде қабыл етилген «Жергиликли бюджетлерди қәлиплестириўде орынлардағы мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының ўәкилликлерин кеңейтиў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде 2018-жылдың тоғыз айында Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы жергиликли бюджетине 220,2 миллиард сумлық қосымша дәраматлар келип түскенин атап өтти. Бул қаржылар халықтың реал дәраматларын, турмыс дәрежесин ҳәм сапасын арттырыў, республика бюджетинен қаржыландырыўға болған бойсыныўшылықты азайтыў, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының еркинлигин күшейтиўге мүмкиншилик бергени атап өтилди.

Есабат дәўиринде Мәмлекетлик бюджет қәрежетлериниң социаллық бағдарланғанлығы сақланып қалынды. Социаллық тараўды қаржыландырыў ушын қәрежетлердиң улыўма көлеминиң 53,4 проценти муғдарында қаржы ажыратылды.

Социаллық тараў ҳәм халықты социаллық қоллап-қуўатлаўға ажыратылған қаржылардың дерлик 65,8 проценти мийнет ҳақы және мийнет ҳақысына байланыслы ажыратпа төлемлерин қаржыландырыўға бағдарланған.

Депутатлар есабат дәўиринде билимлендириў системасындағы реформаларды және де тереңлестириўге, билим бериў процесиниң дәрежесин ҳәм сапасын арттырыўға қаратылған билимлендириў стандартларын ҳәм бағдарламаларын толықтырыўға, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери, кәсип-өнер колледжлери, академиялық лицейлер ҳәм жоқары оқыў орынлары хызметкерлериниң мийнет ҳақысын, материаллық-техникалық базасын беккемлеўге биринши дәрежели итибар қаратты. Атап айтқанда, халық билимлендириў мәкемелерин сақлаў ҳәм раўажландырыў қәрежетлерин қаржыландырыўға Мәмлекетлик бюджеттен 13,6 триллион сум муғдарында қаржы ажыратылғаны дыққатқа ылайық, деп баҳаланды.

Соның менен бирге, парламент ўәкиллери бул бағдарда жол қойылған кемшиликлерге де айрықша итибар қаратты. Есабат дәўиринде билимлендириў системасы мәкемелерин сақлаў ҳәм оларды раўажландырыў қәрежетлерине ажыратылған 92 миллиард сумлық қаржы өзлестирилиўи тәмийинленбегени сынға алынды.

2018-жылдың тоғыз айында Мәмлекетлик бюджеттен илимди раўажландырыўға қаржыландырылған 213,3 миллиард сум қаржының 123,2 миллиард сумы ямаса 60 проценти тийисли мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде әмелге асырылып атырған илимий-техникалық жойбарларды қаржыландырыўға, соның ишинде, 104,1 миллиард сумы фундаменталь ҳәм әмелий илимий-техника және 19,1 миллиард сумы инновациялық жойбарларды қаржыландырыў қәрежетлерине қаратылған.

Халықты социаллық қоллап-қуўатлаў ҳәм оның турмыс абаданлығын арттырыў қәрежетлерине Мәмлекетлик бюджеттен 2 136,5 миллиард сум муғдарында қаржылар жумсалған. Бул қаржылар 14 жасқа шекемги баласы бар шаңарақларға, баласы 2 жасқа толғанға шекем ислемейтуғын аналарға, кем дәраматлы шаңарақларға төленетуғын материаллық жәрдем, бала туўылғанда берилетуғын бир мәртелик напақаға, айрықша категориядағы пуқараларға турақ жай коммунал хызметлер ҳақысын төлеў бойынша жеңилликлерди қаплаў ушын қаратылатуғын компенсация төлемлерине, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятындағы жәрдемге мүтәж шаңарақларға бир мәрте берилетуғын материаллық жәрдем ушын жумсалған.

Депутатлар медицина мәкемелерин қаржыландырыў мәселелерин де ҳәр тәреплеме додалады. Денсаўлықты сақлаў тараўындағы ҳәр қыйлы мәмлекетлик бағдарламаларды орынлаўға байланыслы илажлар себепли Мәмлекетлик бюджеттен 6,57 триллион сум ямаса социаллық тараўға жиберилген улыўма қәрежетлердиң 22,7 проценти муғдарында қаржы ажыратылғаны атап өтилди.

Додалаўлар даўамында Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Ҳүкиметиниң қарарлары тийкарында денсаўлықты сақлаў тараўының айырым илажларын әмелге асырыў ушын ажыратылған қаржылардың 129,9 миллиард  сумы өзлестирилмей қалғаны сынға алынды.

Мәжилисте, әсиресе, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 29-марттағы «Абат аўыл» бағдарламасы ҳаққында»ғы ҳәм  2018-жыл 27-июньдеги «Абат мәҳәлле» бағдарламасы ҳаққында»ғы сыяқлы әҳмийетли пәрманларының орынланыўы да талланды. Себеби, бул пәрманлар менен тастыйықланған бағдарламаларда мәҳәллелердиң архитектуралық көринисин түп-тийкарынан жаңалаў, аймақларды комплексли раўажландырыў, жол-транспорт инфраструктурасы, инженерлик-коммуникация тармақлары, социаллық тараў объектлерин қурыў ҳәм сол тийкарда халықтың турмыс дәрежесин ҳәм мәдениятын жоқарылатыў нәзерде тутылған.

Усы жылдың 1-октябрь ҳалатына муўапық, «Абат аўыл» бағдарламасының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери тәрепинен жергиликли бюджетлердиң қосымша қаржылары есабынан 474,5 миллиард сум қаржы жумсалған. Буннан тысқары, усы жылдың апрель-сентябрь айларында республикалық бюджет қаржылары есабынан 619,6 миллиард сум Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери жанындағы «Абат аўыл» қорларына өткерип бериў ушын тийисли жергиликли бюджетлерге ажыратылған.

«Абат мәҳәлле» бағдарламасында нәзерде тутылған илажларды қаржыландырыўға мәмлекетлик бюджеттен 214,2 миллиард сум қаржы жумсалған.

Есабат дәўиринде жергиликли бюджетлердиң дәрамат бөлеги прогноз көрсеткишлерине салыстырғанда 121,3 процентке орынланған.

2018-жылдың тоғыз айында жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының жергиликли бюджет қаржыларын басқарыў бойынша бийғәрезлигин арттырыў, бюджет орынланыўының орайға бойсыныўын кескин азайтыў процесслерин тереңлестириў, жергиликли ҳәкимликлерди жергиликли бюджетлерди қәлиплестириў, қаржылардан нәтийжели пайдаланыўда жуўапкершилигин арттырыў бойынша кең  көлемли жумыслар әмелге асырылған. Бул илажлар нәтийжесинде есабат дәўиринде жергиликли бюджетлерде қәлиплескен қосымша дәраматлардың муғдары 2,9 триллион сумды қурады ямаса өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда дерлик 5,8 есеге көп қаржы олардың ықтыярында қалдырылды. Бул қаржылардың бир бөлеги, өз гезегинде, жергиликли бюджетлер есабынан қаржыландырылыўы режелестирилген мәмлекетлик бағдарламаларды қаржы менен тәмийинлеўге қаратылмақта.

Мәмлекетлик бюджеттиң ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлары бюджетлериниң 2018-жылдың тоғыз айындағы орынланыўы ҳаққындағы есабат ҳәр тәреплеме қызғын додаланып, депутатлар тәрепинен тастыйықлаў ҳаққында қарар қабыл етилди.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси

Нызамшылық палатасының

Баспасөз хызмети