Президент Шавкат Мирзиёев пенен ушырасыўдан соң АҚШ Конгресси делегациясы ағзалары ӨзАның хабаршысына Өзбекстан менен Америка Қурама Штатлары арасында жаңа басқышқа шығып атырған бирге ислесиў ҳаққында төмендегилерди айтып өтти.

Трент КЕЛЛИ, конгрессмен:

-Мәмлекетиңизге сапар етиўимиздиң тийкарғы мақсети – Өзбекстан менен АҚШ араасындағы еки тәреплеме пайдалы байланысларды тереңлестириў ҳәм және де раўажландырыўдан ибарат. Соны айрықша атап өтиў керек, бул сапар етиўимиз еллеримиздиң әмелий қарым-қатнасының логикалық даўамы есапланады.

Бүгин АҚШ Конгрессинде Өзбекстан бойынша өз алдына парламент топары-«кокус» шөлкемлестирилди ҳәм ол оғада үлкен әҳмийетке ийе. Бул топар америкалылардың Өзбекстан ҳәм өзбек халқы ҳаққында толық мағлыўматқа ийе болыўы, парламентлеримиз ҳәм түрли тараўлар арасындағы байланысларды және де беккемлеўге қаратылған болып, мақсетимиз бул процесске жәрдем бериў болып табылады.

Висенте ГОНСАЛЕС, АҚШ Ўәкиллер палатасының ағзасы:

-Мәмлекетлеримиз арасында уқсаслық тәреплер көп. АҚШ та, Өзбекстан да өз-ара дослық ҳәм бирге ислесиўди қоллап-қуўатлайды.

Мен АҚШ тың Техас штатынанман. Жумысым нефть-газ тараўына байланыслы. «Кокус» усы тармақлар, сондай-ақ, энергетика, денсаўлықты сақлаў, қорғаныў, саўда тараўларында да бирге ислесиўди алып барады.

Американың сыртқы қатнасықларында Өзбекстан Орайлық Азиядағы стратегиялық шерик сыпатында әҳмийетли орын ийелейди. Президент Шавкат Мирзиёев Өзбекстан менен АҚШ арасындағы теңдей пайдалы байланысларды раўажландырыўда жақсы басламаларды алға қоймақта. Биргеликте қатнасықларымызды узақ жыллар даўам еттириўден биз де мәпдармыз.

Женнифер ГОНСАЛЕС КОЛОН, конгрессмен:

-Бүгин Америка-Өзбекстан қатнасықлары жоқары басқышқа шықты. Президентиңиз бенен ушырасыў, сондай-ақ, елиңиздиң парламенти ҳәм бир қатар шөлкемлердеги сөйлесиўлеримиз өз-ара бирге ислесиўден еки тәреп те бирдей мәпти гөзлеп атырғанын көрсетти.

Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Өзбекстанда алып барылып атырған реформалар, барлық тараўдағы модернизация процесслери елиңиздиң тек ғана сиясий емес, ал экономикалық жақтан да раўажланған мәмлекетлер қатарына кириўи ушын тийкар жаратып атырғанына исеним арттырдық. Жаңа структура билимлендириў, қәўипсизлик, мәлимлеме технологиялары, бизнес сыяқлы көплеген тараўларда биргеликтеги жойбарларды нәтийжели әмелге асырыў, бирге ислесиўди перспективалы бағдарлар менен байытыўға хызмет етеди.

ӨзАның хабаршысы

М.ЭЛМУРОДОВ

жазып алды.