Жақында Хийўа қаласында «Аяқ ойын сыйқыры» дәстүрий фестивалы шеңберинде өткерилген аспазлар жарысында Тақыятас энергетика кәсип-өнер колледжиниң оқыўшысы Қундыз Абдуллаева екинши орынды ийелеген болса, пайтахтымыздағы «Дубай» ресторанының аспазы Хайитбай Казиев шөлкемлестириўшилер тәрепинен Ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланды. Өзбекистан Республикасы Президентиниң усы жыл 4-майдағы «2017- 2021-жылларда Хорезм ўәлаяты ҳәм Хийўа қаласының туризм потенциалын комплексли раўажландырыў Бағдарламасы ҳаққында»ғы қарарын орынлаў бойынша Өзбекистан Аспазлар ассоциациясы ҳәм Хорезм ўәлаяты менен биргеликте өткерилген илажға бир қатар ўәлаятлардан ҳәм бизиң республикамыздан жәмийетлик аўқатланыў кәрханалары менен орта арнаўлы оқыў орынларынан 16 аспаз қатнасты.

Атап өтилгениндей, елимиз ғәрезсизликке ерискеннен кейин барлық тараўлар сыяқлы улыўма аўқатланыў саласын раўажландырыў, тарийхый мийрас ҳәм мәдений байлығымыз сыпатында аспазлық өнерин сақлап қалыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, улыўма аўқатланыў тараўын раўажландырыў ушын зәрүр болған шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый шараятлар жаратылып, жоқары маманлықтағы аспазлар менен қәнигелер таярлаўға айрықша итибар қаратылмақта.

Ҳақыйқатында да, узақ жыллық тарийхына ийе миллий тағамларымыз өзине тән жағымлы дәми, мазасы ҳәм әжайып көриниси  менен ажыралып турады. Сонлықтанда дүньяның көплеген еллеринде, республикамызға келген мийманларда шығыс миймандослығының тымсалы миллий тағамларымызға болған қызығыўшылық жылдан-жылға артып бармақта.

Улыўма аўқатланыў кәрханаларын раўажландырыўда, хызметкерлердиң билимин және кәсиплик шеберлигин арттырыўда Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2012-жыл 10-октябрьдеги «Улыўма аўқатланыў кәрханаларының жумысын жетилистириў ҳәм хызметкерлердиң кәсиплик дәрежесин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары  айрықша әҳмийетке ийе болды.

Өзбекистан Аспазлар ассоциациясы менен Өзбекистан Республикасы Орта арнаўлы кәсиплик билимлендириў орайы тәрепинен биргеликте қабыл етилген Бағдарлама шеңберинде жас аспазларымыз республикалық, соның менен бирге, халықаралық таңлаўларға қатнасып келмекте. Ҳәр жылы елимизде  «Алтын пышақ» республикалық таңлаўының өткерилиўи бул бағдардағы унамлы басламаларға тийкар салды.

Атап айтқанда, өткен жылдың май айында Әзербайжан Республикасының Габала қаласында болып өткен халықаралық таңлаўда 37 мәмлекеттен келген аспазлар арасында Тақыятас энергетика кәсип-өнер колледжиниң питкериўшиси Руслан Қузибаев биринши орынды ийелеп, арнаўлы кубок, медаль ҳәм диплом менен сыйлықланды. Жас аспаз тәрепинен таярланған қарақалпақ халқының миллий жүўери гүртик аўқаты төрешилер қурамы ағзаларында, қатнасыўшыларда ҳәм келген мийманларда айрықша қызығыўшылық оятты.

Усы жылдың 28-май ҳәм 1-июнь күнлери аралығында Бухара қаласында болып өткен XV-дәстүрий «Ипак ва зироварлар» фестивалы шеңберинде өткерилген таңлаўға пайтахтымыздағы «Шахжәҳән» ресторанының аспазы Жақсылық Игиликов пенен «Дубай» ресторанының аспазы Хайитбай Казиев қатнасып, сыйлы үшинши орынды ийеледи. Сондай-ақ, республикамыз аспазлары усы жылдың 3-5-октябрь кунлери мәмлекетимиз пайтахтында өткерилген «Жипек жолында туризм» 23-Ташкент  халықаралық туристлик ярмаркасына қатнасып қайтты.

Жоқарыдағы қарар тийкарында Тақыятас, Хожели, Әмиўдәрья, Елликқала районларындағы алты кәсип-өнер колледжинде 2013-2014-оқыў жылынан баслап аспазлық қәнигелиги ашылды. Онда жасларымыз қарақалпақ, өзбек ҳәм жәҳән миллий тағамларын, нан және кондитер өнимлерин таярлаў сырларын үйренип, бүгинги күни жәмийетлик аўқатланыў кәрханаларында мийнет етпекте.

-Ҳәзирги ўақытта жақын күнлерде Мойнақ районында болып өтетуғын «Арал балықларынан 99 түрли тағамлар» фестивалына қызғын таярлық көрип атырмыз,-дейди Қарақалпақ жәмийетлик аўқатланыў кәрханалары бирлеспесиниң баслығы Гүлмирза Юлдашев – Өзбекистан Республикасы Президентиниң усы жыл 28-февральдағы «2017-2018-жылларда Қарақалпақстан Республикасының Мойнақ районын экономикалық жақтан раўажландырыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бағдарында өткерилетуғын илаж шеңберинде бир қатар номинациялар бойынша жеңимпазлар анықланады. Бундағы мақсети, дүньяға даңқы шыққан қарақалпақ балықлары, оннан таярланатуғын тағам түрлерин қайта тиклеў, оны келешек әўладқа үгит-нәсиятлаў, өз-ара тәжирийбе алмасыў, соның менен бирге, республикамызға келип атырған көп санлы туристлерге хызмет көрсетиў сапасын жақсылаў болып табылады.

Д.АБИБУЛЛАЕВ

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.