Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Раўажландырыў бағдарламасының елимиздеги турақлы ўәкили Хелена Фрейзер ханым ҳәм Щвейцарияның елимиздеги айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси мырза Оливье Шав  республикамызға сапар етип келди.

Делегацияның мақсети, республикамызда БМШтың раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде Арал регионын раўажландырыў бойынша алып барылып атырған илажлардың барысын, Арал  дағдарысының ақыбетин жумсартыў бойынша Ҳүкимет тәрепинен әмелге асырылып атырған илажларды үйрениў ҳәм 2012-2016 және 2016-2019-жылларға мөлшерленген БМШтың раўажландырыў бағдарламасы ҳәм Өзбекистан Ҳүкиметиниң биргеликте алып барып атырған илажлардың жуўмағы менен танысыўдан ибарат болды.

Делегация ағзаларын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов қабыл етти.

Илажда М.Ерниязов БМШ тың бурынғы Бас хаткери Пан Ги Мунның 2010-жылы, Хелен Кларк ханымның 2014-жылы ҳәм  усы жылдың июнь айында ҳәзирги Басшысы Антониу Гутерриштиң  республикамызға сапары БМШ тәрепинен Арал машқаласына көрсетилип атырған дыққат-итибардың  ҳақыйқый көриниси болып табылатуғынын, сондай-ақ, БМШтың Раўажландырыў бағдарламасы тәрепинен Арал дағдарысынан жәбир көрип атырған регион халқының социаллық турмыс жағдайын жақсылаў бойынша 1998-жылдан берли бир қанша жойбарлардың турмысқа енгизилип, 2016-2019-жылларға мөлшерленген халықтың саламатлығын беккемлеўге қаратылған илажлардың әмелге асырылып атырғанын атап өтти.

Жақында Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 72-сессиясында Ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёев Арал машқалаларына  дүнья жәмийетшилигиниң дыққатын қаратты. Ҳақыйқатында да, Арал теңизи соңғы 40-45 жыл ишинде қурып кетип, оның ултанынан миллион тонналық қум ҳәм шаң тозаңлардың көтерилип атырғанын, Бас Ассамблея сессиясында Президентимиздиң усы мәселелерди жан күйдирип айтқанының өзи қарақалпақ халқына деген шексиз ҳүрметиниң белгиси екенин атап өтти. Сондай-ақ Ҳүрметли Журтбасшымызға глобал мәселе – Арал машқаласын шешиў бойынша әҳмийетли пикирлерин дүньяның ең үлкен сиясий минберинен шығып билдиргени ушын терең миннетдаршылық билдирди.

Мийманларға Аралбойы аймағында Президентимиздиң басшылығында жүргизилип атырған экономикалық реформалар, ерисилген жетискенликлер, соңғы ярым әсир даўамында Арал теңизи сегиз есеге киширейип, суўдың дузлылығы жигирма есеге артып кеткени ҳәм соның ақыбетинде илимпазлардың мағлыўматларына қарағанда ҳәр жылы теңиз ултанынан жетпис бес миллион тоннан дуз және шаңның атмосфераға көтерилип атырғаны, регионда өсимликлер ҳәм ҳайўанатлар дүньясы генофондының тең ярымы жоқ болып кеткени ҳаққында  түсиник берилди.

2017-жылдың 18-январь күни қабыл етилген 2017-2021-жылларда аралбойы аймағын раўажландырыў бойынша қабыл етилген Мәмлекетлик бағдарламасы экологиялық ҳәм социаллық-экономикалық жағдайды, республика халқының турмыс шараятын жақсылаў, Арал теңизиниң экологиялық дағдарыс ақыбетлерин жумсартыў бойынша инвестициялық жойбарларды өз ўақтында ҳәм нәтийжели турмысқа енгизиўге бағдарланған илажлар комплексин әмелге асырыўға қаратылған. Бағдарламада нәзерде тутылған илажларды әмелге асырыўды қоллап-қуўатлаўда донор шериклердиң муўапықластырылған қатнсы арқалы халықтың турмыс турақлылығының потенциалын арттырыўға бағдарланған, режелестирилип атырған инсан қәўипсизлиги бойынша көп шериклик мақсетли фондының айрықша орны бар екенлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, республика басшысы Арал теңизиниң қурып кетиўи нәтийжесинде пайда болған экологиялық дағдарысларды жеңиллетиў бойынша БМШтың ПРООН, ЮНФПА, ЮНЕСКО, ДООН  агентликлериниң биргеликте жумыс алып барып атырғаны ушын терең миннетдаршылық билдирди.

Делегация ағзалары Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариевтың қабыллаўында да болды. Мийманларға Республика Ҳүкимети тәрепинен Арал машқаласының ақыбетлерин жумсартыў бойынша кең көлемли илажлардың әмелге асырылып, регион халқының саламатлығын беккемлеўде көплеген халықаралық шөлкемлер менен биргеликте исленип атырған жумыслардың нәтийжеси ҳәм Раўажландырыў бағдарламасының аўыл хожалығы, денсаўлықты сақлаў, халықтың социаллық турмысын жақсылаў бойынша биргеликтеги илажлары унамлы нәтийже берип атырғанын атап өтти.

Сапар даўамында мийманлар төменги Әмиўдәрья ирригациясы системасы басқармасында болып, ол жерде тараўда алып барылып атырған жумыслардың барысы менен танысып шықты ҳәм басқарма баслығы Ж.Узақовқа Раўажландырыў Бағдарламасы шеңберинде бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша Швейцария агентлигиниң қаржыландырыўы менен алып келинген оргтехникаларды тапсырды.

Сондай-ақ, мийманлар БМШтың раўажландырыў бағдарламасы ҳәм Бейимлесиў қоры жәрдеминде Ташкент Мәмлекетлик Аграр университети Нөкис филиалы жанындағы мәлимлеме-мәсләҳәт орайын, пайтахтымыздағы Өзбекистан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлими менен биргеликте қол өнерментшилигин, қол өнерин раўажландырыў орайын, Қарақалпақстан майыплар жәмийети менен биргеликте шөлкемлестирилген тигиў цехын, Нөкистеги автоматластырылған метеорологиялық станциясын, сондай-ақ, И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик көркем өнер музейин барып көрди.

БМШ тың Раўажландырыў бағдарламасының Өзбекистандағы турақлы ўәкили Х.Фрейзер ханым ҳәм Щвейцарияның елимиздеги айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси мырза Оливье Шавтың республикамыз бойлап  сапары даўам етпекте.

14-октябрь күни делегация ағзалары Мойнақ районында өз сапарын даўам еттиреди.

 

 

Н.РЕЙПНАЗАРОВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы