Спорттың қылышпазлық түриниң республикамызға кирип келгенине онша көп ўақыт болмаса да бул спорт түри менен шуғылланыўшы жасларымыз арасынан қәбилетли спортшылар жетилисип шықпақта.

17-18-ноябрь күнлери биринши мәрте Ташкент қаласында жас өспирим қызлар арасында қылышпазлықтың сабля түри бойынша Жәҳән кубоги өткерилди.

Оған Болгария, Вьетнам, Германия, Исроил, Йордания, Қазақстан, Камбоджа, Мексика, Молдова, Россия, Тәжикстан, Түркменстан ҳәм Хорватиядан келген жәми 55 спортшы қыз қатнасты.

Усы Жәҳән кубоги жарысында Өзбекстан сайланды командасынан 13 cпортшы қатнасты. Солардың ишинде жерлесимиз Зайнаб Дайыбекова ҳәм Айсулыў Уснатдиновалар да бар.

Жарыстың командалық бағдарында қатнасқан  спортшы қызлар тарийхта биринши мәрте жәҳән кубоги минберине көтерилди. Қызлар жарыс даўамында Молдова ҳәм Германия сайланды командасы ўәкиллеринен үстин келген болса, финал басқышында россиялы қарсыласларынан жеңилип, гүмис медаль ийесине айланды. Жарыста ўатанымыз абырайын Зайнаб Дайыбекова, Шахноза Тоғаймуратова, Севинч Исмоилова ҳәм Айсулыў Уснатдиновалар қорғады.

Бул көрсеткен нәтийжеден соң қызларымыз Жәҳән рейтингинде  12-орынға көтерилди. Азия континентинде болса күшли үшликке кирди.

Еслетип өтемиз, жерлесимиз Зайнаб Дайыбекова бир неше мәрте Өзбекстан чемпионы ҳәм Азия чемпионаты қатнасыўшысы. 2017-жылдың 9-10-сентябрь күнлери Тайланд мәмлекетиниң пайтахты Бангкок қаласында спорттың қылышлаысыў түри бойынша жас өспиримлер арасында өткерилген халықаралық турнирде Өзбекстан сайланды командасы қурамында қатнасып, қола медаль жеңип алыўға миясар болған болса, ноябрь айында Россияның  Сочи қаласында өткерилген  Жәҳән кубогине мүнәсип қатнасып қайтты.

Соны да  атап өтпекшимиз, қылышпазлық бойынша жәҳән кубоги – халықаралық қылышпазлық федерациясы (ФИЕ) қарарына тийкарланып өткерилетуғын, ҳәр жыллық халықаралық жеке ҳәм командалық жарыс есапланады. Қылышласыў бойынша биринши Жәҳән кубоги 1982-жылы өткерилген.  Онда ер адамлар қылышпазлықтың үш түри – рапира, шпага, сабля түри бойынша, ҳаял-қызлар болса тек рапира түри бойынша беллескен. 1989-жылы Жәҳән кубогинде ҳаял-қызлар арасында шпага түринен, 1999-жылы болса сабля түри бойынша жеке жарыслар өткериле баслаған. Сол тәризде 2000-жылдан баслап Жәҳән кубогиниң командалық жарыслары да өткериле баслаған.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы