Ўзбекистон Президенти БМТ махсус маърузачисини қабул қилди

Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 12-октябрь күни Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Инсан ҳуқықлары бойынша кеңесиниң дин ҳәм исеним еркинлиги мәселеси бойынша арнаўлы баянатшысы Аҳмад Шаҳидты қабыл етти.

Мәмлекетимиз басшысы мийманды қутлықлар екен, Өзбекистан Республикасының БМШ, оның структурасы ҳәм институтлары менен әмелий ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўи беккемленип атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Усы жыл май ҳәм июнь айларында БМШ Бас хаткери Антонио Гутерриш ҳәм Инсан ҳуқықлары бойынша Жоқары комиссары Зайд Раад Ал-Хусайнның Өзбекистанға сапарлары және олар менен өткерилген ушырасыўлар, сондай-ақ, мәмлекетимиз басшысының сентябрь айында БМШ Бас Ассамблеясының 72-сессиясына қатнасыўының жуўмақлары бойынша БМШ Турақлы раўажланыў мақсетлерине муўапық өз-ара бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўге қаратылған «жол карталары» қабыл етилди ҳәм әмелге асырылмақта.

Миллетлераралық татыўлықты ҳәм диний кеңпейилликти беккемлеў Өзбекистанды раўажландырыў бойынша қабыл етилген узақ мүддетли Ҳәрекетлер стратегиясы ҳәм БМШ менен кең көлемли бирге ислесиў бағдарламасының  әҳмийетли бағдарларынан бири екени айрықша атап өтилди.

rasmiy_5654.jpg

Бүгинги күнде елимизде 130 ден аслам миллет ҳәм халық, 16 диний конфессия ўәкиллери татыў, тыныш жасап келмекте. Олар өзиниң ҳуқықлары менен еркинликлерин жүзеге шығарыўы ушын барлық шараятлар жаратылған. Жәмийетимизде дослық ҳәм мийрим-шәпәәт, миллетлераралық ҳәм динлераралық татыўлық орталығы буннан былай да беккемленбекте.

БМШтың арнаўлы баянатшысы Өзбекистанда пуқаралық жәмийетин раўажландырыў, кеңпейиллик ҳәм ҳүждан еркинлигин  тәмийинлеў, динге исениўшилердиң ҳуқықларын қорғаў ҳәм оның кемситилиўине жол қоймаў бойынша жаңа басқышта әмелге асырылып атырған өзгерислер менен реформаларды жоқары баҳалады.

Арнаўлы баянатшы Өзбекистан Республикасы Президенти тәрепинен БМШ Бас Ассамблеясының 72-сессиясында баян етилген басламалардың әҳмийетлилиги ҳәм өз ўақтында алға қойылғанын айрықша атап өтти.

Атап айтқанда, Аҳмад Шаҳид «Ағартыўшылық ҳәм диний кеңпейиллик» деп аталған арнаўлы резолюциясын қабыл етиў ҳаққындағы усынысты, Самарқандта Имам Бухарий атындағы халықаралық изертлеў орайы ҳәм Ташкентте  Ислам цивилизациясы орайының шөлкемлестирилип атырғанын толық қоллап-қуўатлады.

Ушырасыўда ҳүждан еркинлиги ҳәм диний шөлкемлер ҳаққындағы нызамшылықты жетилистириў, динлераралық ҳәм миллетлераралық қатнасықлар саласында өз-ара муўапықластырылған илажлар көриў ҳәм қоспа илажлар өткериў мәселелери де додаланды.

БМШтың арнаўлы баянатшысы Аҳмад Шаҳид Президентимиз Шавкат Мирзиёевқа шын жүректен қабыл еткени және Өзбекистанға сапары илажларға бай бағдарлама тийкарында шөлкемлестирилгени ушын миннетдаршылық билдирип, Өзбекистан Республикасы менен системалы, ашық ҳәм әмелий бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға таяр екенин атап өтти.

ӨзА