Тақыятас районындағы «Орайлық» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында аўыр социаллық жағдайға түсип қалған, майыплығы болған,  кем тәмийинленген, перзентлери толық емес шаңарақта тәрбияланып атырған 11 ҳаялға жаңа турақ  жайлар салтанатлы жағдайда тапсырылды.

Оның ашылыў салтанатында Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары, Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Т.Норбоева шығып сөйлеп, елимизде Президентимиздиң басшылығында Ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, соның ишинде, кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж шаңарақларға көрсетилип атырған кең көлемли илажларға тоқтап өтти.  Әсиресе, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң усы жылы 12-апрельдеги  «Аўыр социаллық жағдайға түсип қалған ҳаял-қызларға, майыплығы болған,  кем тәмийинленген, перзентлери толық емес шаңарақта тәрбияланып атырған ҳәм турақ жай шараятын жақсылаўға мүтәж  аналарға арзан турақ жайлар бериў тәртиби ҳаққындағы режесин тастыйықлаў ҳаққында»ғы  қарарын орынлаў бойынша ҳаял-қызларға басқышпа-басқыш ғамқорлық көрсетилип, олардың бәнтлиги тәмийинленбекте. Бундай илажлар бизиң республикамызда да даўам етпекте.

-Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң  285-санлы қарары тийкарында 8, Қарақалпақстан Республикасы Министерлер Кеңесиниң 175-санлы қарары тийкарында  3 ҳаял-қыз турақ жай менен тәмийинленди,-дейди Тақыятас районы ҳәкиминиң орынбасары, Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Зульфия Сапарова.-Бундай қайырқомлық илажының Президентимиздиң республикамызға сапары шеңберинде өткерилип атырғаны менен де әҳмийетли.

Қатнасыўшылар жаңа турақ жайда жаратылған шараятлар менен танысты.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары, Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы З.Ибрагимова, Тақыятас районының ҳәкими Ф.Алламбергенов қатнасты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.