Президент Шавкат Мирзиёев Нөкис қаласында өткерилип атырған ушырасыўда усы ҳаққында атап өтти:

«Елимизди жаңа раўажланыў басқышына көтериўди өз алдымызға баслы ўазыйпа етип қояр екенбиз, буны әмелге асырыў ушын бизге, ең алды менен, жаңа әўлад кадрлары керек. Усындай жоқары потенциалға ийе кадрларды тәрбиялаў мақсетинде елимиздиң ҳәр бир аймағында биреўден жаңа типтеги мектеплер – Президент мектеплерин шөлкемлестириўди жобаластырғанбыз».

Мәмлекетимиз басшысы бул жумысты Қарақалпақстаннан, Нөкис қаласынан баслаўды усыныс етти. Усынысты ҳәмме үлкен қуўаныш пенен қоллап-қуўатлағаннан соң, Президентимиз тараў жуўапкерлерине бул бойынша тапсырмалар берди.

Келеси жылы Қарақалпақстанда 2 мың 400 орынлы 7 мектеп қурылыўы, мектепке шекемги билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў системаларындағы жумыслар избе-из даўам еттирилиўи атап өтилди.

Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси ағзалары, қала ҳәм район ҳәкимлери, секторлардың басшылары қатнаспақта. Видеоселектор арқалы оны қала ҳәм районларда кең жәмийетшилик ўәкиллери бақлап бармақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги