USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Шемби, 20 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ЖАҢА ЖОЙБАРЛАР АДАМЛАРДЫҢ ТУРМЫС ДӘРЕЖЕСИН БУННАН БЫЛАЙ ДА ЖОҚАРЫЛАТЫЎҒА ХЫЗМЕТ ЕТЕДИ

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев орынларда әмелге асырылып атырған реформалар, алып барылып атырған дөретиўшилик жумыслары, ири жойбарлар менен танысыў мақсетинде 15-ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасына келди.

Мәмлекетимиз басшысы Қарақалпақстанға сапарлары ўақтында аймақ экономикасын раўажландырыў, социаллық шараятларды жақсылаў бойынша системалы илажларды белгилеп берген еди. Өткен дәўирде аймақта бир қатар жойбарлар турмысқа енгизилди. «Абат аўыл», «Абат мәҳәлле» бағдарламалары шеңберинде кең көлемли абаданластырыў жумыслары табыслы әмелге асырылмақта.

Президентимиз дәслеп Нөкис халықаралық аэропортында әмелге асырылған модернизация жумысларын көзден өткерди.

Мәмлекетимиз басшысының 2017-жыл январь айындағы сапары ўақтында берилген тапсырмалардың орынланыўы шеңберинде бул жерде дерлик 80 миллиард сумлық жумыс орынланған. Аэропорт имараты реконструкция исленип терминал кеңейтилген, заманагөй үскенеленген.

Шавкат Мирзиёев Нөкис халықаралық аэропорты Қарақалпақстанды экономикалық раўажландырыў, бизнес байланысларды кеңейтиў, туристлер ағымын көбейтиўге хызмет ететуғынын атап өтти.

Президентимиз Мойнақ районына барды.

Кейинги жыллары аймақтағы экологиялық жағдайды жақсылаў, халықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў, жаңа жумыс орынларын жаратыў бойынша орынланған мәнзилли илажлардың нәтийжесинде адамлардың турмыс дәрежеси сезилерли артты.

Мәмлекетимиз басшысының 2017-жыл 28-февральдағы «2017-2018-жыллар дәўиринде Қарақалпақстан Республикасының Мойнақ районын экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына муўапық тоқымашылық, фармацевтика ҳәм электротехника өнимлерин, тамшылатып суўғарыў үскенелерин, пластмасса қубырларды ислеп шығарыў жолға қойылды, балықшылық ҳәм туризмди раўажландырыў бойынша имканиятлар иске қосылды.

2019-жылда Мойнақ районында және көплеген – санаат тараўында 12, аўыл хожалығында 5, хызмет көрсетиў бойынша 14 жойбар әмелге асырылыўы режелестирилген. Социаллық тараў объектлерин қурыў ҳәм оңлаў, инженерлик-коммуникация тармақларын раўажландырыў бойынша жойбарлар ислеп шығылған. Шавкат Мирзиёев усы жойбарлар менен танысты.

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы халықаралық инновациялық орайы презентациясында оның аймақтың социаллық-экономикалық турмысындағы әҳмийети айрықша атап өтилди. Бул инновациялық орай Шавкат Мирзиёевтиң усы жылы 24-август күни болып өткен Аралды қутқарыў халықаралық қорының тийкарын салыўшы мәмлекетлер басшылары кеңесиниң мәжилисинде билдирген басламасының нәтийжеси болып есапланады. Сол ўақытта Президентимиз Аралбойы аймағына инновациялық шешимлер менен сырт ел инвестицияларын тартыў, «жасыл экономика»ны раўажландырыў, илимий-әмелий изертлеўлер алып барыў ҳәм басқа да мәселелер бойынша әҳмийетли усынысларды алға қойған еди.

Көп өтпей, 2018-жыл 16-октябрь күни Ислам раўажланыў банки ҳәм Шорланыў шараятында биодийқаншылық халықаралық орайының илимий-техникалық жәрдеминде Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы халықаралық инновациялық орайы шөлкемлестирилди. Арал теңизиниң қурып қалған бөлегиндеги шорланған жерлерде илимий-изертлеў ҳәм әмелий жумыслардың көлемин кеңейтиў, экосистеманы жақсылаўға алдынғы тәжирийбелер менен инновацияларды енгизиў, шөлистанлықты терекзарға айландырыў, қурғақшылықты басқарыў, шарўашылықты раўажландырыў сыяқлы бир қатар ўазыйпалар тийкарғы мақсети етип белгиленди.

Ҳәзирги күнде бул мақсетлер ушын Инновациялық раўажланыў министрлиги, халықаралық шөлкемлер, соның ишинде, Франция раўажланыў агентлигиниң қаржылары жумсалмақта.

Аймақ турмысы ушын және бир әҳмийетли жойбар Тоғай хожалығы бойынша мәмлекетлик комитети ҳәм экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети тәрепинен Арал теңизиниң қурыған түбинде 500 мың гектар тоғай қурыў жойбары болып есапланады. Усы ўақытқа шекем жаратылған жайлаўлар буның имканияты бар екенлигин көрсетпекте. Жақын үш жылда және 500 мың гектар майданда тоғай пайда етилиўи Арал бойындағы экологиялық ҳәм экономикалық жағдайды бир қанша жақсылайды. Дуздың ушыўы ҳәм жердиң шорланыўы азайып, шарўашылық ушын үлкен азықлық дәреги жаратылады.

Мәмлекетимиз басшысы усы режелерди мақуллап, оларды тез ўақытларда әмелге асырыў ҳәм және де раўажландырыў ушын зәрүр жәрдем берилетуғынын атап өтти. Мойнақтың бар потенциалынан, тәбийғый имканиятларынан пайдаланып, керекли өнимлерди ислеп шығарыў бойынша тапсырмалар берди.

Мәселен, Мойнақта қамыс көп. Оны қайта ислейтуғын кәрханаларды шөлкемлестирип, базарға қолайлы қурылыс материалларын таярлаў, жасларды жумыс пенен тәмийинлеў мүмкин. Аймақтың және бир имканияты – суў бассейнлери. Оларда балықшылықты раўажландырыў, балықты қайта ислеп сатыў арқалы шаңарақларға берекет киреди.

Мойнақта шарўашылықты, әсиресе, ешки бағыўды раўажландырыў да мүмкин. Ешки ҳәр қандай орталыққа жақсы бейимлеседи, азық-аўқат таңламайды, оның жүнинен күнделикли зәрүр товарларды таярлап сатыў ҳаял-қызлар ушын жумыс орны болады.

Арал апатшылығынан ең көп зыян көрген  тийкарынан бул – Мойнақ халқы, деди Шавкат Мирзиёев. Олардың сабыр-тақаты, ўатансүйгишлиги ҳәм мийнеткешлиги ушын рахмет айтыўымыз, соған мүнәсип хызмет етиўимиз керек.

Сол себепли Президентимиз келеси еки жылда Мойнақта 20 көп қабатлы турақ жай қурыў, жаңа қалаша қурыў бойынша тапсырма берди. Бул жерде заманагөй қала қурылысындағы барлық жаңалықларды енгизиў, жаңа үлгидеги инфраструктураны жаратыў зәрүрлигин атап өтти.

Экология музейиниң залында усы жерде жасайтуғын халық ўәкиллери менен болып өткен пикирлесиўде мине усы үлкен режелер ҳаққында сөз болды. Шавкат Мирзиёев Мойнақтың раўажланыўында жаңа дәўирдиң басланыўы, заманагөй турақ жайлар менен кәрханалардың қурылыўы, район жасларының жоқары оқыў орынларына кириў ушын жеңилликлер берилетуғынын атап өтти. Өзбекстан Президентиниң сапары, районды ҳәр тәреплеме раўажландырыўға қаратылып атырған итибары мойнақлыларға үлкен қуўаныш бағышлады.

Мәмлекетимиз басшысы Қанлыкөл районында қурылған «Kanteks invest» тоқымашылық кәрханасы менен танысты.

Президентимиздиң 2017-жыл январь ҳәм декабрь айларында Қарақалпақстан Республикасына сапар етиўи ўақтында Қанлыкөл районында ири тоқымашалық кәрханасын шөлкемлестириў жойбары усыныс етилген еди. Өткен ўақыт даўамында кәрхана ушын 10 гектар жер ажыратылып, қурылыс жумыслары баслап жиберилди. Кәрхананы қурыў жеңил санаат өнимлерин ислеп шығарыўда тәжирийбели болған «Kanteks invest» ЖШЖ тәрепинен әмелге асырылды. Нәтийжеде ашық майданда заманагөй тоқымашылық факбрикасы бой тикледи.

Ҳәзирги ўақытта кәрханаға Германия, Швейцария, Түркия ҳәм Ҳиндстаннан соңғы маркадағы тоқымашылық үскенелери келтирилип орнатыў жумыслары алып барылмақта.

Жойбар қуны  38,7 миллион АҚШ доллары болған кәрхананы келеси жылдың биринши шерегинде иске қосыў мөлшерленген. Бул жерде дәслепки басқышта жылына 11 мың тонна сапалы ийирилген жип ислеп шығарылады. 2020-жылда жүзеге шығарылатуғын гезектеги басқышта тоқымашалық материалын таярлаў, 2021-жылда әмелге асырылатуғын үшинши басқышта бояў ҳәм таяр кийим-кеншик ислеп шығарыў жолға қойылады.

Кәрхана толық қуўатлылық пенен ислеп баслағаннан соң, жылына баҳасы 25 миллион АҚШ долларынан аслам өнимди экспорт етиў имканияты пайда болады.

Мәмлекетимиз басшысы кәрхананың өндирислик имараты, тоқымашылық үскенелерин көзден өткерди, шөлкемлестириўшилер менен сәўбетлести.

650 ге шамалас адам жумыс пенен тәмийинленетуғын фабрика ушын бүгинги күнде жумысшылар таңлап алынып, бул жердиң өзинде шөлкемлестирилген оқыў орайында оқытылмақта, сондай-ақ, басқа аймақлардағы кәрханаларда билими ҳәм маманлығы арттырылмақта.

Усы жерде Қарақалпақстан Республикасын раўажландырыўға қаратылған экономикалық жойбарларды таныстырыў өткерилди.

Қарақалпақстан Республикасында ийирилген жип экспортын азайтыў, жинси гезлемеси, жумсақ сүлги ҳәм басқа да таяр өнимлер ислеп шығарыўды кеңейтиў, егислик майданларын кластерлерге бериў, өнимдарлық ҳәм рентабельлик дәрежесин арттырыў ҳаққында сөз болды. Боян тамыр ҳәм басқа да дәрилик өсимликлерди жетистириў және қайта ислеў шөлкемлери ассоциациясының әмелге асырылып атырған инвестициялық жойбарлары, соның ишинде, ноябрь айында жумыс баслаған «Lanko Miya» ЖШЖ қоспа кәрханасында боян тамыр экстрактынан Европа базары ушын мөлшерленген кондитер өнимлери, шоколад ушын ингредентлер ислеп шығарыў жойбары мәмлекетимиз басшысында үлкен қызығыўшылық оятты. Қарақалпақстанда боян тамыр плантацияларын көбейтиў, сырт елли шериклер менен водород-пероксид заводын  иске түсириў, инвесторлар ушын бажыхана төлемин, өнимди стандартластырыўды жеңиллетиў, «Нукус-фарм» ЕЭЗ да инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бойынша усыныслар берилди.

Өзбекстанның Қытай, Қубла Корея, Япония, Кувейттеги елшиханалары тәрепинен усы мәмлекетлер менен әмелге асырылып атырған жойбарлар таныстырыўдың ең итибарлы тәрепи болды. Президентимиздиң тапсырмасы тийкарында елшилеримиз тәрепинен усы мәмлекетлер менен Қарақалпақстанда ири жойбарларды әмелге асырыўға кирисилгени, соның ишинде, тартылып атырған инвестициялардың есабынан заманагөй автоматласқан цемент ҳәм лак-бояў заводлары иске түсирилиўи ҳәм басқа да үлкен көлемдеги жойбарларды енгизиўге кирисилгени атап өтилди.

Қарақалпақстан келеси 2-3 жылда пүткиллей өзгериўи керек. Елшилер келип, бул жерде турақ жай, жол инфраструктурасы, билимлендириў, социаллық тараў, суў тәмийнаты сыяқлы бағдарлар бойынша инвестициялық жойбарларға усыныслар бериўи зәрүр. Ең әҳмийетлиси, бул жумыслардың нәтийжеси қарақалпақстанлылар турмысында сезилиўи керек, деди мәмлекетимиз басшысы.

Шавкат Мирзиёев қурылыс материалларын ислеп шығарыў, аўыл хожалығын раўажландырыў, балықшылық, қусшылық, шарўашылық, жүзимшилик кластерлерин шөлкемлестириў есабынан бул тармақларды раўажландырыў, сырт елден тиккелей инвестициялар тартыўды көбейтип, перспективалы жойбарларды әмелге асырыў, аймақтың экспорт потенциалын көтериў бойынша жуўапкерлерге зәрүр көрсетпелер берди.

Қарақалпақстан Республикасында халықтың саламатлығын қорғаўға айрықша итибар қаратылып, жаңа заманагөй медицина мәкемелери бой тиклемекте, барлары реконструкцияланбақта.

Бул бағдарда Аралбойы халқына көрсетилип атырған медициналық хызметтиң сапасын және де жақсылаў мақсетинде әмелге асырылып атырған 2017-2018-жылларға мөлшерленген инвестициялық бағдарлама үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Атап айтқанда, бул бағдарлама тийкарында 36 объектте 84 миллиард сумнан зыят жумыс орынланды, 2,8 миллион долларлық заманагөй медициналық әсбеп-үскенелер келтирилди. 2 мың 635 шыпакер Такшент врачлардың қәнигелигин арттырыў институтында, 53 шыпакер сырт елде қәнигелигин арттырды. 72 заманагөй автотранспорт қуралы келтирилди.

«Қоңырат» аўыл пуқаралар жыйынындағы 23-санлы шаңарақлық поликлиника да быйылғы жылы реконструкцияланды. УТТ, ЭКГ, биохимиялық аназизатор сыяқлы заманагөй медициналық үскенелер менен тәмийинленди.

Шавкат Мирзиёев усы шаңарақлық поликлиникада жаратылған шараятлар менен танысты.

Мәкеме «Қоңырат»,  «Шоманай», «Қаңлы» аўыл пуқаралар жыйынларының халқына хызмет көрсетеди. Поликлинкада 5 орынлық стационар ҳәм тез медициналық жәрдем көрсетиў шақапшасы шөлкемлестирилген. Ҳаял-қызлар мәсләҳәтханасы, жәмийетлик дәрихана, фитобар халықтың хызметинде.

Президентимизге мобиль офтальмологиялық клиникасының жумысы ҳаққында да мағлыўмат берилди. «Isuzu» автобусында шөлкемлестирилген бул мобиль клиника көз кеселлигине шалынған наўқасларды орынларда терең тексериўден өткериў ҳәм емлеўде үлкен әҳмийетке ийе болып табылады.

Шавкат Мирзиёев халықтың саламатлығын беккемлеў бағдарындағы жумыслар избе-из даўам еттирилиўин, әсиресе, ҳаял-қызлар ҳәм балалардың денсаўлығы ушын барлық шараят жаратытылыўын атап өтти.

Президентимиз Қоңырат районындағы «Wunderkinds in Kungirad» мектепке шекемги билимлендириў мәкемесинде болды.

Мәмлекетимиз басшысы перзентлеримиз тәрбиясының биринши ҳәм әҳмийетли буўыны – мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң жумысын жетилистириўге турақлы итибар қаратып келеди.

Қоңырат районы «Қоңырат» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан «Wunderkinds in Kungirad» мәмлекетлик жеке меншик шериклик тийкарындағы мектепке шекемги билимлендириў мәкемесине 90 нан зыят бала қамтып алынған.

Бул бақша усы жыл 7-ноябрь күни жумыс баслаған. Исбилермен Дилноза Абдуллаева март айында аймақтағы тасланды имаратты «ноль»лик баҳада алып, оны заманагөй мектепке шекемги билимлендириў мәкемесине айландырды. Бул ушын «Өзсанаатқурылысбанк»тен  1,5 миллиард сум кредит ажыратылды. 500 миллион сум өз қаржысын жумсады. Бақшада балаларға рус, инглис тиллери интерактив усылларда үйретиледи. Спорт дөгереклери бар.

Мәмлекетимиз басшысы бақшада балаларға жаратылған шараятлар менен танысты, хызметкерлер менен пикирлести.

Перзентлеримизди балалығынан саламат, ақыллы етип тәрбияласақ, ертең мектепке билимли жаслар келеди. Мектепти оқыўшылар ҳәр тәреплеме билимли болып питкерсе, институтларымызға илим-билимли, мәнаўиятлы жаслар барады. Елимиз ушын жақсы кадрлар жетисип шығады. Соның ушын мектепке шекемги билимлендириў бәрқулла дыққатымыз орайында  болыўы керек, деди Шавкат Мирзиёев.

Президентимизге Қарақалпақстанда мектепке шекемги билимлендириў системасын раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған ҳәм нәзерде тутылып атырған жойбарлар ҳаққында мағлыўмат берилди.

Мәмлекетимиз басшысының Қарақалпақстан Республикасына сапары даўам етпекте.

 

Матназар ЭЛМУРОДОВ,

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

Есимхан ҚАНААТОВ,

ӨзА ның арнаўлы хабаршылары