Нөкис қаласы ҳәкимлигинде Қарақалпақстан Республикасы Жынаят ислери бойынша судының баслығы лаўазымына талабанлар Гүлнара Базарбаева ҳәм Сайлаўбай Мәмбетқәдировларды кең жәмийетшиликке таныстырыўға бағышланған мәжилис болып өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Сағындық Турманов басқарып барған илажға судлардың баслықлары, қалалық Кеңестиң депутатлары, ҳуқық қорғаў, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў  уйымларының, жәмийетлик шөлкемлердиң ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Күн тәртибиндеги мәселе бойынша Өзбекстан Республикасы Судьялар Жоқарғы кеңесиниң ағзасы Рахат Исмайлов шығып сөйлеп, елимизде ҳуқықый демократиялық мәмлекет, пуқаралық жәмийет қурыўда нызам үстинлигин тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли илажларға тоқтап өтти ҳәм жыйналғанларды талабанлардың өмири және  мийнет жоллары менен таныстырды.

Атап өтилгениндей,  ғәрезсиз елимизде суд ҳәкимиятының ҳақыйқый еркинлигин тәмийинлеў, инсанның ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаўдың кепилликлерин күшейтиў бағдарында кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 21-февральдағы «Өзбекстан Республикасы суд системасы структурасын түп-тийкарынан жетилистириў ҳәм жумыс нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы суд ҳәкимиятының шын мәнисиндеги бийғәрезлигин тәмийинлеў,  судлар искерлигиниң нәтийжелилигин ҳәм абыройын арттырыў,  судлардың дүзилиси және судьялық лаўазымына талабанларды таңлаў ҳәм тайынлаў системасын буннан былай да жетилистириўге хызмет етпекте. Солай екен, судьялардың жумысына, биринши гезекте, халықтың өзи баҳа береди. Сонлықтанда, Өзбекстан Республикасы Судьялары жоқарғы кеңесиниң басламасы менен судьялық лаўазымына усынылып атырған талабанларды кең жәмийетшиликке таныстырыў ҳәм олардың келисимин алыў механизми енгизилди.

 

Жынаят ислери бойынша Қарақалпақстан Республикасы судының баслығы лаўазымына талабанлар Гүлнара Базарбаева ҳәм Сайлаўбай Мәмбетқәдиров сөзге шығып, жыйналғанларды өзлериниң мақсет ҳәм ўазыйпалары менен таныстырды. Егер де жуўапкерли лаўазымға ылайық деп табылса, бар билим және тәжирийбелерин судлардың шын мәнисиндеги «Әдиллик қорғаны»на айланыўына, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғаўға жумсайтуғынлығын билдирди.

Илажда суд тараўының ветераны Алланияз Хожаназаров, Нөкис қаласындағы 2-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң баслығы Жүзимгүл Ҳәбийбуллаева,  халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиниң депутаты Теңелбай Алланиязов, «Қосбулақ» мәкан пуқаралар жыйының баслығы Исақ Жумабаев ҳәм басқалар талабанларды қоллап-қуўатлап шығып сөйледи ҳәм олардың алдағы жумысларында табыслар тиледи.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.