Қарақалпақстан Республикасы Ҳаял-қызлар комитетиниң соңғы бес жыллық жумыс искерлигине арналған есап бериў-сайлаў конференциясы болып өтти.

Конференция жумысын Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзасы Г.Аннақлычева алып барды.

Конференцияда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары, Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы З.Ибрагимованың 2013-2017-жыллар ҳәм 2018-жылдың 9 айы даўамында әмелге асырған жумыслары ҳаққындағы есабы тыңланды.

Онда Президентимиздиң 2017-жыл 7-февральдағы «2017-2021-жылларға мөлшерленген Ҳәрекетлер стратегиясы ҳаққында»ғы Пәрманы менен Өзбекстанды раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясының тастыйықланғанлығын, оның  8V бағдарында «Социаллық тараўды раўажландырыўдың тийкарғы бағдары» белгиленген болып, онда, тийкарынан, ҳаял-қызлардың жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыў, олардың мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўдағы орнын күшейтиў, ҳаял-қызлардың, әсиресе, кәсип-өнер колледжлери питкериўши қызларының бәнтлигин тәмийинлеў, оларды исбилерменликке кеңнен тартыў, шаңарақ тийкарларын және де беккемлеў ўазыйпалары белгилеп берилгенлиги атап өтилди.

Бул әҳмийетли ўазыйпаларды орынлаў бағдарында Ҳаял-қызлар комитети тәрепинен системалы ҳәм избе-из шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый илажлар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, 2018-жылдың 9 айы даўамында 18 мың 613 жумыссыз ҳаял-қыз дизимге алынып, соннан 14 мың 609 ының бәнтлиги тәмийинленген. Ҳаял-қызлар тәрепинен исленген жынаятлар саны өткен жылғыға салыстырғанда 120 ға яғный 53,5 процентке азайған. Жазаны өтеў орынларынан азат етилген 26 ҳаял-қыздың 16 сы жумысқа орналастырылған.

Усындай орынларда жазасын өтеп атырған 11 ҳаял-қыз кепиллик хаты тийкарында азат етилген болса, биреўиниң қамақ жазасы жеңиллетилген жаза түрине алмастырылды.

Быйылғы жылдың өткен дәўири ишинде комитеттиң алып барған илажлары нәтийжесинде ажырасыў алдында турған 728 шаңарақ сақлап қалынды.

Сондай-ақ, баянатшы Президентимиздиң 2018-жыл 2-февральдағы «Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм шаңарақ институтын беккемлеў тараўындағы жумысты түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманының қабыл етилиўи усы бағдарда әмелге асырылып атырған жумысларды жаңа басқышқа алып шығып, бул бойынша жаңаша ислеў системасы жаратылғанлығын атап өтти. Қарар тийкарында, әсиресе, аўыр турмыс шараятында жасап атырған ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, олардың жасаў жағдайын жақсылаўға айрықша итибар қаратыла баслады.

Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасында аўыр турмыс шараятында жасап атырған ҳаял-қызлар 1 мың 930 ды қурайтуғын болса, соннан 218 и майып, 1 мың 132 си кем тәмийинленген шаңарақ ағзасы, 615 и жумыссыз ҳәм 337 си турақ жайға мүтәж екенлиги анықланған. 2018-жылы майыплығы бар 96 ҳаял-қызға майыплар арбашасы алып берилип, жумыссыз ҳаял-қызлардың бәнтлиги тәмийинленди. 287  ҳаял-қызға медициналық ҳәм 1 мың 146 сына материаллық жәрдем көрсетилди.

Конференцияда Тахтакөпир районы ҳаял-қызлар комитети баслығы, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзасы А.Аллаярова, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министриниң биринши орынбасары А.Атажанов, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳаял-қызлар комитетиниң басланғыш шөлкеминиң баслығы И.Сейтназарова ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң бас педиатры Г.Абдисаметовалар шығып сөйлеп, ҳаял-қызлар комитетиниң жумысына унамлы пикир билдирди.

Делегатлар бир даўыстан оған исеним билдирип, Қарақалпақстан Республикасы Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы етип З.Ибрагимованы қайта сайлады.

Конференция жумысына Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары, Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Т.Норбоева, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев қатнасты.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.