«www.vestifinance.ru»диң атап өтиўинше, Беларусь қаржы министри Максим Ермолович Минск ҳәм Москва 2019-жылда мәмлекетлик кредит ажыратыў бойынша келисип алғаны, гезектеги басқыш, келисиўди муўапықластырыў екенлигин мәлим еткен.

«Барлығы орнында, қарарлар қабыл етилди. Мәселе келисимге таярлық ишинде қалмақта. Бул енди кейинги жыл. Россия ҳәм өзимиз тәрептен қандайда бир жаңа қарарларды күтпей атырмыз», деген министр журналистлерге.

Хабарда еслетилиўинше, РФ бас министриниң биринши орынбасары, қаржы министри Антон Силуанов министрлик кейинги жылда Беларусьқа Россиядан алған қарызларын қайта қаржыландырыў ушын 630 миллион доллар муғдарында кредит бериў мәселесин көрип шығатуғынын мәлим еткен.

Малоҳат ҲУСАНОВА,
ӨзА