Варшава полициясы Польшаның ғәрезсизлигине 100 жыл толыўы мүнәсибети менен екшемби күни мәмлекет пайтахтында шөлкемлестирилген марш ўақтында Европа Аўқамының байрағын өртеген шахсты излемекте.

ТАССтың жазыўынша, бул бийзарылықты ислеген ҳуқықбузар ҳаққындағы мағлыўматқа бүгин ақшалай сыйлық та жәрияланған.

«Пайтахт полициясы комендатурасы усы ҳәдийсени ислеген адам ҳаққындағы мағлыўматты жеткергенге 5 мың злота (1 мың 400 доллар) ақшалай         сыйлық береди» делинеди ҒХҚның Варшава полициясы хабарнамасынан келтирген мағлыўматында.

ЕА байрағының өртелгени ҳаққындағы хабар ҳәм фотосүўретлерди «Улыўмаполяк жаслары» шөлкеми Твиттердеги бетинде жәриялаған еди.

Полиция мағлыўматларына бола, Варшавадағы екшемби маршында 250 мыңнан аслам адам қатнасқан. Мәресим жергиликли ўақыт пенен саат 15.00де басланып, марш басында Польша Президенти Анжей Дуда, парламент ҳәм ҳүкимет ағзалары, олар артында миллий шөлкемлер ўәкиллериниң ири топарлары болған.

Малоҳат ҲУСАНОВА,
ӨзА