Майкл Жексонның көплеген концертлерде кийип шығатуғын қара курткасы АҚШта өткерилген «Juliens Auctions»  аукционында сатыўға қойылды ҳәм  298 мың долларға сатылды, деп хабар береди «Daily Mail».

Газетаның жазыўынша, Майклдың музыкалық шығармалары, кийимлери ҳәм музыкалық әсбапларынан ибарат 100ге шамалас буйымлары Америкалы исбилермен Милтон Веррет тәрепинен сатыўға қойылған.

Саўдадан түскен қаржының бир бөлеги «MusicCares» музыкантларды  қоллап-қуўатлаў қәўендерлик қорына бериледи.

ӨзА