Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Агросанаат комплекси ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги тәмийинлениўи үстинен қадағалаў инспекциясының Елликқала районлық бөлими тәрепинен жақында 2017-жылдың басынан берли мийнет ҳақыларын ала алмай жүрген 36 хызметкердиң 102 миллион 405 мың  699 сумлық мийнет ҳақысы өндирип берилди.

–   Бөлим тәрепинен Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2002-жыл 19-марттағы 88-санлы «Мийнет ҳақының өз ўақтында төлениўи бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бойынша «Елликқала Агросервис МТП» ЖШЖде өткерилген тексериў барысында жәмийетте жумыс пенен бәнт болған 36 жумысшыға мийнет ҳақылары берилмей киятырғанлығы анықланды,-дейди инспекцияның Елликқала районлық бөлиминиң баслығы әдиллик киши кеңесшиси Б.Айтымбетов.

– Усы факт бойынша инспекцияның районлық бөлими тәрепинен 36 хызметкердиң 2018-жыл 1-августқа шекемги жәми 102 миллион 405 мың  699 сумлық мийнет ҳақысын өндириў бойынша Пуқаралық ислери бойынша Беруний районлараралық судына даўа арза киргизилип, толық қанаатландырылды.

Судтың буйрығы тийкарында жәмийеттиң жумысшыларының мийнет ҳақылары толық төлеп берилиўи тәмийинленди.

Инспекцияның районлық бөлими тәрепинен усы бағдардағы жумыслар даўам етпекте.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.