Өзбекстан Республикасының «Сиясий партиялар ҳаққында»ғы нызамының 6-статьясына муўапық, экологиялық партия шөлкемлестириў бойынша елимиз пуқараларынан ибарат басламашылар топары қәлиплести.

Ҳәзирше жаңадан шөлкемлестирилип атырған партия қандай идеялар ҳәм қандай атамада сиясий майданға кирип келиўи бойынша анық мағлыўматлар жоқ, деп жазады «Халқ сўзи».

Мағлыўмат ушын, ҳәзирги ўақытта елимизде 4 сиясий партия – Өзбекстан Халық демократиялық партиясы, «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы, «Әдалат» социаллық-демократиялық партиясы, Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан либерал-демократиялық партиясы және Өзбекстан Экологиялық ҳәрекети жумыс алып бармақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги