13-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимуҳамедов пенен телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти.

Сәўбетте мәмлекет басшылары кең көлемли еки тәреплеме бирге ислесиўдиң жағдайы ҳәм оны жоқары дәрежеде ерисилген келисимлер шеңберинде раўажландырыў перспективаларын додалады.

Өзбекстан ҳәм Түркменстан басшыларының турақлы ушырасыўлары ҳәм пикирлесиўлери еки тәреплеме дослық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеў, экономиканың ҳәр қыйлы тармақларында әмелий шерикликти кеңейтиў ушын исенимли тийкар болып хызмет етип атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Президентлер өз-ара товар алмасыўды көбейтиў, санаат, энергетика ҳәм аўыл хожалығында кооперацияны күшейтиў, нәтийжели транспорт жолларын қәлиплестириў, аймақлараралық ҳәм гуманитарлық алмасыўды жеделлестириў мәселелерине айрықша итибар қаратты.

Тәреплер бирге ислесиўдиң ең әҳмийетли бағдарлары, соның ишинде, регионаллық қәўипсизликти ҳәм турақлылықты тәмийинлеў, заманагөй қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў, суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, энергетикалық потенциалды нәтийжели раўажландырыў бағдарындағы көзқарас ҳәм позицияларының бирдей екенин атап өтти.

Еки ҳәм көп тәреплеме кең көлемли бирге ислесиўди даўам еттириў, сондай-ақ, халықаралық майданда басламаларды өз-ара қоллап-қуўатлаў ҳәм регионда ири инфраструктуралық жойбарларды әмелге асырыў зәрүрлиги атап өтилди.

Мәмлекет басшылары туўысқан Өзбекстан ҳәм Түркменстан халықларының абаданлығы жолында көп әсирлик дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик принциплерине тийкарланған көп қырлы қатнасықларды избе-из кеңейтиў ҳәм беккемлеў бағдарында умтылысларының исенимли екенин және бир мәрте тастыйықлады.

ӨзА