Спорт билимлендириў мәкемелерин қәнигели кадрлар менен тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети базасында 2019-2020-оқыў жылынан баслап дене тәрбиясы ҳәм спорт тараўында жумыс алып барып атырған орта арнаўлы мағлыўматлы тренерлер ушын арнаўлы сыртқы бөлимди шөлкемлестириў жобаластырылмақта. Бул ҳаққында «Халқ сўзи» хабар бермекте.

Хабарда жазылыўынша, Дене тәрбиясы ҳәм спорт министриниң биринши орынбасары Ойбек Қосимов ҒХҚ ўәкиллери ушын шөлкемлестирилген баспасөз конференциясы ўақтында бул ҳаққында айтып өткен.

Сондай-ақ, Нөкис спорт колледжи базасында Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети филиалын шөлкемлестириў бойынша Ҳүкиметлик қарар жойбары ислеп шығылып, тийисли министрлик ҳәм ведомостволар менен келисиў ушын усыныс етилген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги