Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы шөлкемлести-рилгенлигиниң он бес жыллығы мүнәсибети менен партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен «O’zLiDeР 15 жаста» атамасында байрам кешеси болып өтти.

Кешеге Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутатлары, сенаторлар, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, қалалық ҳәм районлық Кеңеслердиң депутатлары, партияның Қарақалпақстан Республикалық, қалалық ҳәм районлық Кеңеслериниң хызметкерлери, электорат ўәкиллери болған исбилерменлер ҳәм фермерлер, партия белсендилери, мийманлар, ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

Илажды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы, партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баслығы С.Турманов кирис сөз бенен ашты.

Илажда партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баслығының исбилерменлик ҳәм фермерликти қоллап-қуўатлаў мәселелери бойынша орынбасары, Өзбекстан қаҳарманы С.Сейтназаров, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты А.Байрыева ҳәм басқалар шығып сөйлеп, партияның басып өткен жолы, жетискенликлери туўралы кең түрде мағлыўмат берди.

Атап өтилгениндей, партия 2003-жылы дүзилген болып, мүлк ийелери қатламы, киши бизнес ўәкиллери, исбилерменлер, фермерлер, жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, өндирис тараўындағы қәнигелер, өзиниң жеке исбилерменлиги ҳәм басламасы менен халқымыздың абаданлығы жолында хызмет етип атырған дөретиўшилер, илимпазлар ҳәм басқа да барлық пуқаралардың мәплерин қоллап-қуўатлайтуғын сиясий шөлкем болып есапланады.

Бүгинги күнде партия ағзаларының саны 23 мыңнан аслам, соның 11 мыңнан асламы жаслар, 9 мыңға шамаласы ҳаял-қызлар болып есапланады.

Байрам кешесинде партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен шөлкемлестирилген «Ең үлгили қала, район партия шөлкеми», «Ең белсенди басланғыш партия шөлкеми», «Ең белсенди район (қала) партия шөлкеми», «Халық депутатлары жергиликли Кеңеслердеги ең белсенди депутат», «O’zLiDeР 15 жаста», «Ҳаяллар қанатының ең белсенди ағзасы» таңлаўларының жеңимпазларына арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Сондай-ақ, партияның 15 жыллығы мүнәсибети менен «Ең жақсы мақала жазған дөретиўши» атамасында ғалаба хабар қураллары хызметкерлери арасында өткерилген таңлаў жеңимпазлары да сыйлықланып, естелик саўғалары тапсырылды.

Байрам кешеси көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.