Бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанындағы Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары хызметкерлериниң билимин жетилистириў бойынша Оқыў курсында жаңа оқыў жылына дүзилген реже тийкарында пуқаралар жыйыны хызметкерлериниң билимин жетилистириў бойынша жумыслар әмелге асырылмақта.

Онда Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысларын муўапықластырыў бойынша Қарақақалпақстан Республикалық Кеңеси баслығының биринши орынбасары Т.Романов, Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Қ.Юсупов,  Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳуқықтаныў кафедрасының оқытыўшысы, юридика илимлериниң докторы З.Реймова, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы баслығының орынбасары Қ.Азербаев ҳәм министрликлер менен шөлкемлердиң әмелиятшы қәнигелери сабақ өтпекте.

Оқыў курсына Қараөзек, Тахтакөпир, Шымбай, Елликқала, Төрткүл, Беруний, Әмиўдарья, Қоңырат, Хожели районлары ҳәм Нөкис қаласының мәкан-пуқаралар жыйынларынан, жәми 23 жуўаплы хаткер қатнаспақта.

Оқыў курсы тыңлаўшылары бир ҳәпте даўамында тәжирийбели профессор-оқытыўшылар, тийисли министрликлер менен шөлкемлердиң әмелиятшы қәнигелери тәрепинен өз билим ҳәм көнликпелерин арттырады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.