Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы шөлкемлестирилгениниң 15 жыллығы мүнәсибети менен партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен ҒХҚ хызметкерлериниң арасында «Ең жақсы мақала жазған дөретиўши» атамасында таңлаў өткерилди. Оған таңлаў шәртлерине муўапық 18 ҳәм оннан үлкен жастағы пуқаралар (журналистлер ҳәм ҳәўескер дөретиўшилер) қатнасты.

 

Нөкис қаласында усы таңлаўдың Қарақалпақстан Республикалық басқышы болып өтти. Онда төрешилер қурамы тәрепинен таңлаўдың қалалық ҳәм районлық басқышлары жеңимпазларының дөретиўшилик мийнетлери көрип шығылып, республикалық басқышының жеңимпазлары анықланды.

– Елимизде демократиялық жәмийетти беккемлеўде ҳәм мәмлекетлик уйымлардың ашықлығы менен әдалатлылығын тәмийинлеўде ғалаба хабар қуралларының әҳмийети үлкен,-дейди таңлаўдың шөлкемлестириў комитетиниң ағзасы Қ.Бекназаров. – Ал, усы тараўды қоллап-қуўатлаў болса,  сиясий партиялардың тийкарғы ўазыйпаларының бири болып есапланады.

 

Таңлаўда «Шығындылардан миллионер болған исбилермен» мақаласы менен Гүлнара Турдышева биринши, «Кегейли турмысы» гезеталарында жәрияланған мақалалары менен Замира Қайпова екинши, «Тамаддун нури» журналындағы «Келешек бүгиннен басланады» рубрикасы менен жәрияланған «Тараўлардың раўажланыўы халықтың абаданшылығы ушын хызмет етеди» мақаласы менен Мунавара Қурбанбаева үшинши орынды ийеледи

Қарақалпақстан  хабар  агентлиги.