Өзбекстан Республикасы Президентиниң

п ә р м а н ы

2019-жылда пуқаралардың рәсмий сәнелерди белгилеў дәўиринде толық демалыўы ушын шараятлар жаратыў, дем алыс ҳәм байрам күнлеринен мақсетке муўапық пайдаланыўын тәмийинлеў мақсетинде:

  1. 2019-жылда төмендеги қосымша дем алыс күнлери белгиленсин:

2-январь – сәршемби;

22-март – жума;

2-сентябрь-дүйшемби.

  1. 2019-жылда төмендеги дем алыс күнлери көширилсин:

5-январь – шемби 3-январь – пийшембиге;

1-июнь-шемби 6-июнь-пийшембиге;

7-сентябрь-шемби 3-сентябрь-сийшембиге;

28-декабрь-шемби 31-декабрь-сийшембиге.

  1. Бюджет шөлкемлеринде усы Пәрманның 1-бәнтинде белгиленген қосымша дем алыс күнлери ҳәр жылғы мийнет демалысының даўамлылығын үш жумыс күнине қысқартыў есабынан қапланатуғыны;

ҳәр жылғы мийнет демалысы дәўиринде сақланатуғын орташа айлық мийнет ҳақы муғдарын есаплаўда мийнет дем алысының әмелдеги даўамлылығы есапқа алынатуғыны, оған усы Пәрманда белгиленген қосымша дем алыс күнлериниң қосылатуғыны;

ҳәр жыллық мийнет демалысының даўамлылығы қысқартыў есапқа алынған ҳалда он бес жумыс күнинен аз болмаўы керек  екенлиги;

бюджет шөлкеми есапланбаған шөлкемлерде усы Пәрманның 1-бәнтине муўапық қосымша демалыс күнлери мийнет демалысына қосымша басқа күнлер менен бир қатарда қаржы имканиятларынан келип шыққан ҳалда, жәмәәт шәртнамалары ямаса жумыс бериўшилер тәрепинен кәсиплик аўқамы комитетлери менен келисип қабыл етилетуғын басқа да локаллық нормативлик ҳүжжетлерде белгиленетуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети Өзбекстан жаслар аўқамы, Кәсиплик аўқамлары федерациясы кеңеси, «Өзбекстан ҳаўа жоллары» МАК ҳәм «Өзбекстан темир жоллары» АЖ, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте байрам (ислемейтуғын) күнлериниң созылыўын есапқа алған ҳалда, республика халқы ушын ишки туризм ҳәм кеўилли демалыс бағдарларын, транспорт ҳәм мийманхана хызметлери ушын шегирмелер берилиўин ҳәм акциялар өткерилиўин шөлкемлестирсин.
  2. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар, қалалар ҳәм районлар ҳәкимликлери:

халықтың создырылған байрам (ислемейтуғын) күнлеринде кўилли ҳәм пайдалы демалыўын шөлкемлестириў бойынша системалы илажларды көрсин;

Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети ҳәм Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы менен биргеликте байрам күнлери өткерилетуғын илажлар ҳаққында халықты кеңнен хабардар етиўди тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясы кеңесине:

мийнет жәмәәтлери арасында усы Пәрманның мақсети, мазмун-мәниси ҳаққында түсиник жумысларын шөлкемлестириў;

создырылған байрам күнлеринде хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзаларының кеўилли дем алыўын тәмийинлеў бойынша кәсиплик аўқамлары шөлкемлериниң жумысын жеделлестириў усыныс етилсин.

  1. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 12-ноябрь