Пайтахтымыздағы 12-санлы Әмет бақсы атындағы музыка ҳәм көркем өнер мектебинде Өзбекстан «Адолат» социалдемократиялық партиясы сиясий кеңеси тәрепинен шөлкемлестирилип киятырған  «Әдалат билимданы» таңлаўының Қарақалпақстан Республикалық басқышы болып өтти.

Таңлаў шәртлерине бола, қатнасыўшылар мәлимлеме-коммуникация технологияларында өзлери билим алып атырған оқыў орнының сиясий-ҳуқықый, шөлкемлестириўшилик структурасы ҳаққындағы презентацияларын усынды.  Сондай-ақ, елимиз Конституциясы ҳәм басқа да нызам ҳүжжетлери бойынша сораўларға жуўап берип, билимлерин сынақтан өткерди.

Қатнасыўшылардың «Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы – мениң түсинигимде» темасындағы дөретиўшилик жумысларында партияның белсендилигин арттырыў бойынша билдирген усыныслары да баҳаланды.

Таңлаў жуўмағында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты жанындағы академиялық лицейдиң оқыўшысы Ахмет Өтепбергенов жеңимпаз деп табылды. Ол таңлаўдың финальлық басқышында қатнасыў ҳуқықын қолға киргизди.

Сондай-ақ, таңлаў жеңимпазы менен бирге басқа қатнасыўшылар да диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.