«Жедел исбилерменликти, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы» Мәмлекетлик бағдарламасының орынланыўында Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң қатнасын ҳәм партияның шөлкемлестириўшилик мәселелерин талқылаўға арналған X Пленум мәжилиси болып өтти.

Онда усы партияның Қарақалпақстан Республикалық, қалалық ҳәм районлық Кеңеслериниң хызметкерлери, депутатлар, партия белсендилери, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илажда Бағдарламадан келип шыққан ҳалда быйылғы жыл ушын дүзилген ис реже тийкарында бир қатар системалы илажлар әмелге асырылғаны атап өтилди. Атап айтқанда «Орай-ўәлаят-район» системасы тийкарында партия фракциясына кирген нызам жойбарларын аймақлық ҳәм жергиликли Кеңеслерде, партияның депутатлық топарларында кең додалаўдан өткериў, билдирилген пикир-усынысларды фракцияға усыныў ўазыйпасы қойылған еди. Усы тийкарда жыл басынан берли «Адам ағзаларын ҳәм тоқымаларын трансплантациялаў ҳаққында»ғы, «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы сыяқлы 20 дан аслам нызам жойбары орынларда додаланып, 50 ге шамалас тийкарланған усыныслар партияның Орайлық аппараты арқалы партия фракциясына жеткерип берилген.

Соған қарамастан, мәжилисте бул системаның жумыс процеси қанаатланарлы дәрежеде емеслиги атап өтилди. Себеби, аймақлық, жергиликли кеңеслерде нызамшылықты жетилистириўге тийкар бола алатуғын, терең анализленген усыныслар болмай атырғаны сынға алынды.

Пленум жуўмағында партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси қурамына өзгерислер киргизиў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.

Пленумда додаланған барлық мәселелер бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.