9-ноябрь күни Республикалық туберкулёзге қарсы гүресиў балалар санаторийсында «Медицина хызметкерлери күни» мүнәсибети менен усы тараўда хызмет етип киятырған өз кәсибиниң пидайыларын хошаметлеўге арналған илаж шөлкемлестирилди.

Онда Өзбекстан Шыпакерлер Ассоциациясы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Ә.Мәмбеткаримов, Қарақалпақстан Мийирбийкелер Ассоциациясының баслығы Р.Мишенова ҳәм басқалар сөзге шығып, мийнет нураныйларын, шыпакер және мийирбийкелерди кәсиплик байрамы менен қутлықлап, қымбат баҳалы саўғалар, Ҳүрмет жарлықларын тапсырды.

– Ҳәр жылы ноябрь айының екинши екшембисинде «Медицина хызметкерлери күни»ниң өткерилиўи  Президентимиздиң усы тараўда мийнет етип киятырған инсанларға болған итибарының, үлкен ҳүрметиниң белгиси деп билемен. Медицина тараўында, әсиресе, соңғы жылларда бурын болмаған өзгерислер әмелге асырылмақта. Мысалы, халқымыздың жасаў шараятының өзгериўи, медициналық мәдениятының, саўатлылығының артыўы, аналар ҳәм балалар арасында өлимшиликтиң азайыўы тараўдағы үлкен жетискенликлерден болып табылады, – дейди Республикалық туберкулёзге қарсы гүресиў балалар санаторийсы бас шыпакериниң орынбасары Баян Бекмуратова. – Кәсиплеслеримди байрам менен қутлықлап, халықтың денсаўлығын сақлаўдай машақатлы кәсибинде табыслар ҳәм шаңарақларына аманшылық тилеймен.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.