Медицина хызметкерлериниң кәсиплик байрамы алдынан Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик санитариялық-эпидемиологиялық бақлаў орайының жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылды.

Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев жыйналғанларды жаңа имараттың пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлап, тараў хызметкерлериниң халқымыз арасында санитариялық мәдениятты арттырыў, аймақларымыздың тазалығын сақлаў бағдарындағы жумысларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, соңғы жылларда медицина мәкемелериниң имаратларын қурыў, реконструкциялаў ҳәм онлаў, олардың материаллық –техникалық базасын беккемлеўге айрықша итибар қаратылмақта. Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик санитариялық-эпидемиологиялық бақлаў орайының үш қабатлы заманагөй имараты «Regional Industrial Invest» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң қурылысшылары тәрепинен сапалы етип қурып питкерилди. Бул жерде 3,5  миллиард сумлық қурылыс жумыслары орынланып, 224,4 миллион сумлық әсбап-үскенелер менен тәмийинленди.

-Кәсиплик байрамды жәмәәтимиз қос қуўаныш пенен күтип алды,-дейди усы орайдың бөлим баслығы С.Өтемисова.- Сырт еллерден алып келинген заманагөй әсбап-үскенелер менен тәмийинленген бөлим және лабораторияларда жуқпалы кеселликлерди ўақтында анықлаў, санитариялық-эпидемиологиялық илажларды сапалы әмелге асырыў ушын барлық имканиятлар бар.

Орайда бүгинги күни 65 шыпакер, 91 орта мағлыўматлы хызметкер мийнет етпекте. Быйылғы жылдың өзинде 30 ға шамалас жоқары мағлыўматлы қәниге қабыл етилип, олар республикамыздың барлық қалалық ҳәм районлық санитариялық-эпидемиологиялық бақлаў орайларында жумыс алып бармақта.

Илаж қатнасыўшылары жаңа имаратта ислеўшилер ушын жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.