Франция пайтахтындағы Шарл де Голл майданында биринши жер жүзилик урыстың жүз жыллығына бағышланған халықаралық көлемдеги илаж болып өтти.

Илажға Франция Президентиниң мирәт етиўи бойынша, Россия Президенти Владимир Путин, АҚШ Президенти Дональд Трамп, сондай-ақ, биринши жер жүзилик урыста қатнасқан мәмлекетлер ҳәм халықаралық шөлкемлердиң басшылары қатнасты. Илажға Британия бас министри Тереза Мей келмеди ҳәм бул жағдай усы мәмлекеттиң өзинде биринши жер жүзилик урыстағы қурбанларды еслеў мәресимин өткерилиўи менен түсиндирилди.

ӨзА