Япония ҳүкимети 2020-жылғы жазғы Олимпиада ойынлары болып өтетуғын стадионлардың әтирапында ушыўшы денелердиң пәрўазын қадаған етиўши қарар шығарды.

Kyodo агентлигиниң хабарына бола, оның ушын нызамшылыққа тийисли өзгерислер киргизиледи ҳәм келеси жылдан-ақ бул илажлар әмелге асырылады. Мине сондай қадағалаў АҚШ әскерий базалары ҳәм Япония қорғаныў объектлериниң әтирапына да қолланылыўы режелестирилген. Қағыйдабузарларға 500 мың иен, 4,5 мың доллар жәрийма салынады.

ӨзА