Усы жыл 10-ноябрь Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық Медицина хызметкерлери күнине бағышланған салтанатлы мәжилис  болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң медицина тараўы хызметкерлерине жоллаған байрам қутлықлаўын оқып еситтирди.

Атап өтилгениндей, Президентимиз тәрепинен тараўға байланыслы бир қатар әҳмийетли Пәрман ҳәм қарарлардың қабыл етилиўи бүгинги турмысымызда түпкиликли өзгерислер менен жаңаланыўларға беккем тийкар болмақта. Ҳәзирги ўақытта денсаўлықты сақлаў системасын буннан былай да жетилистириў, медициналық хызметтиң нәтийжелилигин арттырыў, тараўда мәмлекетлик емес секторды раўажландырыў, халыққа сапалы дәри-дәрмақлар жеткерип бериў бағдарындағы жумыслар сапа жағынан жоқары басқышларға көтерилип бармақта. Денсаўлықты сақлаў системасындағы реформалардың нәтийжелерине бағышланған видео селектор мәжилисинде Президентимиз «Халық медицина тараўына қаншелли исенсе, мәмлекетке де соншелли исенеди. Халық көрсетилип атырған медициналық хызметлерден разы болса — мәмлекеттен, бүгинги жүргизилип атырған сиясаттан да разы болады»,-деген терең мазмунли пикирге айрықша тоқтап өтти.

Халқымыздың денсаўлығын сақлаўдағы, медицина тараўындағы пидәкерлик хызметлери, жас қәнигелерди өз кәсибине садықлық руўхында тәрбиялаўдағы  мийнетлери және жәмийетлик жумыслардағы белсендилиги ушын бир топар тараў пидайылары кәсиплик байрам алдынан мәмлекетлик сыйлықлар менен сыйлықланған еди. Илажда усы сыйлықлар салтанатлы жағдайда тапсырылды. Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри Д.Ходжиев шығып сөйлеп, Президентимиздиң басламасы менен медицина тараўына қаратылып атырған итибар, әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларға тоқтап өтти. Қарақалпақстан Республикасы халық шайыры К.Каримов денсаўлықты сақлаў хызметкерлерине бағышланған қосығын оқып берди.

– Мениң ярым әсирлик мийнетимди жоқары баҳалағаны ушын шексиз миннетдаршылық билдиремен,-дейди Мойнақ районлық медицина бирлеспесине қараслы 33-санлы аўыллық шаңарақлық поликлиникасының меңгериўшиси, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген денсаўлықты сақлаў хызметкери Балтабай Тлеўбергенов.- Шаңарақ поликлиникамыз районның шетки «Мәдели» ҳәм «Бозатаў» аўыллық пуқаралар жыйынлары аймағында жасаўшы 6 мыңға шамалас халыққа медициналық хызмет көрсетип келмекте. Өткен жылы поликлиникамызға «Тез жәрдем» автомашинасының берилиўи, быйылғы жылы 400 миллион сумлық реконструкция жумысларының алып барылыўы тараўға қаратылып атырған айрықша итибар болып табылады.  Усындай итибар және ғамқорлық нәтийжесинде аймағымызда соңғы жыллары бирде бир балалар өлимшилиги ушыраспады.

Салтанатлы мәжилис республикамыз көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.