USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Шемби, 20 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ДЕНСАЎЛЫҚТЫ САҚЛАЎ СИСТЕМАСЫНДАҒЫ РЕФОРМАЛАРДЫҢ ЖАҢА БАСЛЫ БАҒДАРЛАРЫ БЕЛГИЛЕП БЕРИЛДИ

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёвтиң басшылығында 9-ноябрь күни денсаўлықты сақлаў системасын раўажландырыў, аймақлар халқын сапалы медициналық хызмет пенен қамтып алыў, медицина мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў бағдарындағы реформалардың нәтийжелерин таллаў ҳәм келешектеги баслы ўазыйпаларды белгилеўге бағышланған видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Мәмлекетимиз басшысы барлық реформалардан тийкарғы мақсет адамлар турымысын жақсылаў екенин, сапалы медициналық хызмет  бул бағдарда әҳмийетли орын тутатуғынын атап өтти.

Кейинги еки жылда Президенттиң тараўға байланыслы 50 пәрманы, қарары ҳәм бийликлери, Министрлер Кабинетиниң 70 тен аслам қарар ҳәм бийликлери қабыл етилди. 6 жаңа илимий-әмелий медицина орайы шөлкемлестирилип, олардың саны 16 ға жетти.

Халыққа және қолайлық жаратыў мақсетинде аймақларда олардың 10 филиалы жумыс баслады. Район ҳәм қала емлеўханаларында 306 жаңа қәнигелескен бөлим, 1 мың 200 тез медициналық жәрдем шақапшасы ашылды.

Улыўма алғанда, быйылғы жылы медицина тараўына мәмлекетлик бюджеттен 2017-жылға салыстырғанда 40 процент көп қаржы ажыратылды. Мәжилисте келиси жылы тараўға дерлик 30 процент көп қаржы жумсаў режелестирилгени атап өтилди.

Президенттиң жақында қабыл етилген «Мәмлекетлик медицина мәкемелери ҳәм денсаўлықты сақлаўды басқарыў уйымларының хызметкерлерин метариаллық хошаметлеўди күшейтиў илажлары ҳаққында»ғы қарары тараўдағы және бир унамлы жаңалық болды. Оған муўапық, медицина хызметкерлериниң айлық мийнет ҳақысы  1-декбарьден 20 процентке, 2019-жыл 1-апрельден және 15 процентке арттырылады.

Пәрманлар менен қарарлар шығарылып, тараўға сонша имканиятлар жаратылды, әҳмийетли мәселелер шешип берилди. Бирақ денсаўлықты сақлаў системасында күтилген нәтийжелер көринбей атыр. Әсиресе, районлар, шетки аўыллардағы халық медициналық хызметтеги үлкен ҳәм тийкарғы өзгерислерди өз турмысында сезип атырғаны жоқ, деди Шавкат Мирзиёев.

7115f04f-50f5-af09-e567-ed872b08b30b.jpg

Быйылғы жылдың өткен дәўиринде Президенттиң Виртуал қабыллаўханасына медицина тараўына байланыслы 45 мыңнан аслам мүрәжат келип түскени бул тараўда еле машқалалардың бар екенинен дәрек берип атырғаны атап өтилди.

Мәселен, дәслепки медициналық-санитариялық жәрдем системасы, районлық орайласқан емлеўханалардың материаллық-техникалық базасы ҳәм қәнигели кадрлар менен тәмийинлениў дәрежеси талапқа жуўап бермейди. Оның ақыбетинде аймақлардағы наўқаслар үлкен қаржы жумсап, Ташкент қаласына келиўге ямаса сырт еллерге барыўға мәжбүр болмақта.

Сол себепли мәжилисте медицина тараўындағы машқалаларды өз ўақтында анықлаў ҳәм шешиў, бул ушын аймақлардағы жағдайды толық  қайта үйренип шығыў, онда аўыллық врачлық пунктлеринен ҳәм шаңарақлық поликлиникалардан орайлық медицина мәкемелерине шекем қамтып алыў керек екенлиги атап өтилди.

Медициналық хызмет көрсетиўде республикалық, ўәлаятлық, районлық ҳәм аўыллық буўынлары арасындағы байланысты күшейтиў зәрүрлиги көрсетип өтилди. Онда, бәринен бурын, мәҳәллелерде профилактикалық жумыслар менен медициналық тексериўлер сапалы шөлкемлестирилип, кеселликлердиң алды алынады, зәрүр  жағдайларда наўқаслар район ҳәм ўәлаят орайларына жибериледи. Районлық медицина бирлеспелери наўқасларды имканият дәрежесинде өзинде емлеп, аўыр наўқасларды ўәлаятлық ҳәм республикалық мәкемелерге жибереди. Республикалық қәнигелестирилген илимий-әмелий медицина орайлары болса өз қәнигелиги бойынша бирден-бир методикалық, технологиялық, емлеў ҳәм профилактикалық сиясатты әмелге асырыў, халықтың саламатлығын беккемлеўге көмеклеседи.

Мәжилисте аналар ҳәм балалар саламатлығын қорғаў мәселелерине де итибар қаратылды. Аналар ҳәм балалар өлимине себеп болып атырған факторларды терең таллап, оларды сапластырыўға қаратылған анық илажлар ислеп шығыў бойынша тапсырмалар берилди.

Жуқпалы болмаған кеселликлерди профилактика етиў жумысларының талап дәрежесинде жолға қойылмағаны атап өтилди. Бир қатар қәнигелестирилген орайлардың бул бағдардағы жумысы сынға алынды.

Айырым аймақларда жуқпалы кеселликлердиң алдын алыў ҳәм емлеў жумыслары да қанаатландырарлы емес. Соның ишинде, усы жылдың өткен дәўиринде гепатит, өкпе раги менен кеселлениў саны республика бойынша 20 процентке шекем азайған болса-да, Қарақалпақстан Республикасы, Бухара, Наўайы, Қашқадәрья, Сырдәрья ҳәм Жиззақ ўәлаятларының айырым районларында унамсыз көрсеткишлер сақланып қалмақта.

Усыған байланыслы республикалық қәнигелестирилген илимий-әмелий медицина орайларындағы материаллық-техникалық база ҳәм емлеў жағдайын үйренип, бар кемшиликлерди шешиў, АИЖСтың алдын алыў, сырт еллерде жумыс ислеп қайтқан шахсларды мәжбүрий тест тексериўинен өткериўдиң ҳуқықый механизмлерин ислеп шығыў ҳәм әмелиятқа енгизиў илажлары додаланды.

Жеке меншик медицина мәкемелериниң тармағын және де кеңейтиў мәселелерине итибар қаратылды. Елимизде жеке меншик медицинаның барлық тармақларын раўажландырыў тек ўатанласларымыз емес, ал қоңсы мәмекетлердиң пуқараларына да медициналық хызмет көрсетиў бойынша үлкен имканиятлар бар.

Соның ушын жуўапкер шахсларға жеке меншик медицина мәкемелери тармағын кеңейтиў, Ташкент, Самарқанд, Әндижан сыяқлы ири қалаларда «медицина хаб»ларын қурыў бойынша ўазыйпалары тапсырылды.

Кеселликлердиң алдын алыўдың ең аз қәрежетли ҳәм нәтийжели жолы саламат турмыс тәризи ҳәм саламат аўқатланыў мәдениятына әмел етиў болып есапланады. Тилекке қарсы аз ҳәрекет етиў ҳәм надурыс аўқатланыў ақыбетинде Өзбекстан халқының ярымы артықша салмаққа ийе, адамларымыздың 46 проценти қан қурамында нормадан артық холестирин бар болып, 31 процентинде қан басымы жоқары.

Сол себепли халық арасында саламат турмыс тәризин ҳәм саламат аўқатланыў мәдениятын енгизиў арқалы кеселликлер профилактикасын күшейтиў зәрүрлиги атап өтилди.

Видеоселектор мәжилисинде медицина тараўын орта ҳәм узақ мүддетли перспективада раўажландырыў бағдарлары додаланды. Президентимиз Өзбекстанда 2025-жылға шекем денсаўлықты сақлаў системасын раўажландырыў бойынша концепция жойбарын ислеп шығыў бағдарында көрсетпелер берди.

Мәселен, тараўды қаржыландырыўдың әмелдеги смета усылының ескиргени, медицина мәкемелери бир қанша наўқас емленгенине қарап емес, койка-орынлар санына қарап қаржыландырылып киятырғаны атап өтилди. Бүгинги заман талапларынан ҳәм сырт ел тәжирийбесинен келип шығып, сынаў түринде елимиздиң 14 аймағында биреўден медицина бирлеспесин халықтың жан басына ҳәм стационар шараятта емленгенлер санына қарап қаржыландырыў бойынша тапсырма берилди.

Бүгинги күнде барлық раўажланған мәмлекетлерде мәжбүрий медициналық қамсызландырыў системасы енгизилген. Бул арқалы бюджет қәрежетлерин азайтыўға, медициналық хызмет сапасын арттырыўға ерисилген.

Мәжилисте 2021-жыдан баслап елимизде де мәжбүрий медициналық қамсызландырыў системасын басқышпа-басқыш енгизиў, Қубла Корея, Сингапур, Германия сыяқлы мәмлекетлерден халықаралық консультантларды тартқан ҳалда, тийисли нызам ҳәм нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлерди ислеп шығыў зәрүрлиги атап өтилди.

Медицина тараўында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик системасын раўажландырыў, айырым емлеў мәкемелерин сондай шериклик тийкарында жоқары технологиялық үскенелер менен тәмийинлеў, оларға толық қаржылай еркинлик бериў бойынша илажлар белгиленди.

Медициналық билимлендириў системасын реформалаў мәселесине айрықша итибар қаратылды. Абырайлы сырт ел билимлендириў мәкемелериниң филиалларын ашыў, жоқары оқыў орынлары, илимий-изертлеў институтлары ҳәм қәнигелескен медицина орайлары арасындағы интеграцияны күшейтиў мәелелери бойынша да тапсырмалар берилди.

Додаланған мәселелер бойынша жуўапкер басшылардың мәлимлемелери тыңланды.

ӨзА