Усы жылдың 9-12-ноябрь күнлери аралығында Қазақстан Республикасының Алматы қаласындағы «Алматы қаласының мектеп оқыўшылары сарайы»нда «Индиго» халықаралық дөретиўшилик таңлаў-фестивалы болып өтти.

Хореография, оригинал жанр, вокал, модалар театры, сүўретлеў өнреи ҳәм усы сыяқлы дөретиўшиликтиң 10 жанры бойынша өткерилген таңлаў-фестивальға Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты студенти Гүлшынар Худайбергенова да қатнасып, өз өнерин көрсетти. Бул ҳаққында Makan.uz хабар бермекте.

«Дәстүрий атқарыўшылық. Фольклор. Соло» номинациясы бойынша қатнасқан Гүлшынар Худайбергенова 19-25 жаслы қатнасыўшылар арасында сыйлы 1-орынды жеңип алды.

Бундай табысқа ерисиўинде оның устазлары Оралбай Өтамбетов ҳәм София Тәжетдиновалардың хызметлери айрықша болды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги