12-15-ноябрь күнлери Россияның (Москва областы) Европа аймағы орайлық районларында жүзеге келген суўық ҳәм салыстырмалы ығал ҳаўа массасы Батыс Қазақстан арқалы Өзбекстан аймағына кирип келеди. Бул ҳаққында Өзгидромет хабар бермекте.

12-13-ноябрь күнлери республика бойлап айрым жерлерде жаўын-шашын болыўы күтиледи (жаўын қарға айланыўы да мүмкин). Самалдың тезлиги секундына 18-23 метрге шекем, айрым ўақытлары 25-28 метрге шекем күшейиўи күтилмекте.

13-15-ноябрь күнлери ҳаўаның температурасы республикамыз аймағында түнги ўақытлары 2-7 градус суўық, күндизги ўақытлары 0-5 градус жыллы, арқа аймақларда түнги ўақытлары 8-13 градус, күндизги ўақытлары 2-7 градусқа шекем суўық болыўы күтиледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.