Усы жыл 9-ноябрь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты жанындағы Халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў аймақлық орайында Иван Тургеневтиң туўылғанының 200 жыллығына бағышланған әдебий кеше болып өтти.

Ана тили классларында рус тили курсының тыңлаўшылары тәрепинен Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң рус тили ҳәм әдебияты бөлиминиң студентлери менен биргеликте шөлкемлестирилген илажда рус жазыўшысының өмири ҳәм дөретиўшилиги кең түрде сөз етилди.

Атап өтилгениндей, рус халқының XIXәсирдеги белгили жазыўшысы, Петербург Илимлер Академиясының хабаршы-ағзасы И.Тургенев 1818-жылы Орёл қаласында туўылды. Болажақ жазыўшы жаслайынан бир нешше тиллерди, атап айтқанда, инглиз, француз ҳәм немец тиллерин жетик билген. 1833-жылы Москва мәмлекетлик университетине оқыўға кирип, бир жылдан соң оқыўын Петербург қаласына өзгертеди.

Оқыўды тамамлағаннан кейин Берлин қаласына барып, классикалық филологиядан лекциялар оқыйды. Усы жерде Бакунин ҳәм Станкевичлер менен танысыўы оның дөретиўшилигинде айрықша әҳмийетке ийе болады. Сырт елде өткерген еки жыл даўамында Франция, Германия, Италия ҳәм Голландия мәмлекетлеринде болады.

1841-жылы Россияға қайтып келип, әдебият дөгереклерине белсене қатнасады. Дөгеректе Гоголь, Герцен, Аксаковлар менен жақыннан танысады. Ишки ислер министрлигиндеги хызмети даўамында жас жазыўшының әдебият ҳәм жәмийетлик көзқарасының қәлиплесиўинде Белинский көп жәрдем етеди.

Жазыўшы 1852-жылы Спасск-Луговинода сүргинде жүргенинде белгили «Муму» гүрриңин жазады. Оның сондай-ақ, «Дворянлар уясы», «Әкелер ҳәм балалар» ҳәм басқа да романларында сол дәўирдиң әҳмийетли мәселелери сөз етиледи. Рус жазыўшыларының сырт ел аўдармашыларының редакторы, 1978-жылы Париж қаласында өткерилген халықаралық конгрессте әдебият бойынша вице-президент болып сайланып, келеси жылы Оксфорд университетиниң ҳүрметли докторы атағы бериледи.

-Жазыўшының көплеген шығармалары, атап айтқанда, «Муму», «Әкелер ҳәм балалар», «Ася», «Аңшының күнделиги» шығармалары сабақлықларға киргизилген,-дейди Халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў аймақлық орайының доценти Гүлжаҳан Аекеева.-Сонлықтан да, ол Диккенс, Жорж Санд, Проспер Мериме, Теккерей, Виктор Гюго сыяқлы Батыс Европаның белгили жазыўшылары менен жақын таныс болған.

Илаж соңында курс тыңлаўшылары ҳәм студентлер тәрепинен жазыўшының шығармалары тийкарында таярланған сахналық көринислер қатнасыўшылардың нәзерине усынылды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.