«www.vesti.ru»дың сырт ел ҒХҚна тийкарланып хабар бериўинше, Евразия гөзаллық таңлаўының 2016-жылдағы жеңимпазы 25 жасар Сибел Демиралпқа алдаўшылық ҳәм адам урлаў айыплары менен 13 жыллық қамақ жазасы тайынланды.

Белгили болыўынша, Сибел алдаўшылар топары менен байланыста болған.

Ол интернет арқалы бай зергер менен танысады. Буннан соң жаңадан танысқан қыз бенен жеке ушыраспақшы болады. Усы мақсетте Сибелдиң үйине барады. Бирақ, бул ўақытта оны басқыншылар күтип турған еди. Олар зергерге дене жарақатын жеткериўден тысқары, 240 мың лира (45 мың доллар шамасында) да талап етеди. Жәбирлениўши айтылған ақшаны төлеп, жанын сақлап қалады.

Бул ўақыядан полиция тез хабар таўып, топардың барлық ағзаларын, соның ишинде Сибелди де қолға алған.

Хабарда атап өтилиўинше, алдаўшы топардың Сибелден тысқары басқа ағзаларына да узақ жыллық қамақ жазасы тайынланған.

Малоҳат ҲУСАНОВА,

ӨзА