«OLX.uz» онлайн-сервиси Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги менен бирге ислесиўди баслайды. Бул ҳаққында«Xabar.uz»ға министрликтиң баспасөз хызмети хабар берди. Өзбекстанның мәмлекетлик мәкемелериндеги бос орынлар енди «Жумыс» бөлиминде басып шығарылады.

«Ҳәзирги ўақытта Министрлик платформасында елимиз бойлап 25 000 нан аслам бос орынлар жәрияланған. «OLX.uz» Өзбекстанда ең көп кирилетуғын сервислерден бири болғанлығы себепли, қәнигелерди нәтийжели излеп табыў ҳәм республика халқының бәнтлигин арттырыў мақсетинде бирге ислесиў ҳаққында қарар қабыл етилди»,-деп түсиник берди Еркин Мухитдинов, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министриниң биринши орынбасары.

Бүгин «OLX.uz» бетинде  11 000 ға шамалас жумыс усыныў бағдарындағы дағазалар жайластырылды. Тек апрель айында 4000 нан аслам бос орынлар сервис жәрдеминде жабылды. Ҳәр ай «Жумыс» бөлимине 300 мыңнан аслам өзбекстанлы пайдаланыўшылар кирип көреди.

«Сервистеги ҳәр бир дағаза орташа 55 жуўап алады. OLXда қәлеген қаланың турғыны жумыс таба алады. Бос орынларды табылыўын максимал дәрежеде аңсатластырыў ушын биз барлық жумысларды әмелге асырмақтамыз: дағазаны қәлеген қурылма арқалы жайласытырыў мүмкин: смартфоннан, планшет ямаса компьютерден» – атап өтти OLX.uz Бас директоры Дониёрбек Турғунов.

Мағлыўмат ушын, «OLX»-Өзбекстандағы жетекши дағазалар сервиси болып есапланады. Майданша базасында  400 000 нан аслам дағазалар бар. Ҳәр ай OLX ға  2 млн нан  аслам адамлар кирип көреди. Сервисте қәлеген қурылмадан кириў мүмкин, сондай-ақ iOS ҳәм Android ушын Мобил қосымшаны жүклеп алыў арқалы да.