9-ноябрь күни пайтахтымыздағы И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейинде «Әййемги Хорезм – отырықлы ҳәм көшпели мәдениятты тутастырыўшы көпир» атамасында көргизбе өткерилди.

Онда  көшпели ҳәм отырықлы қәўимлерге тийисли  антик ҳәм орта әсир дәўирлерине тийисли қурал-жарақ, аңшылық қураллары, дийқаншылықта ҳәм өнерменшиликте қолланылған буйымлар, сондай-ақ, ҳайўан сүйеклери,олардан исленген буйымлар орын алған.

– Көргизбе бизлер ушын теория менен бир қатарда әмелият ўазыйпасын да атқарды, – дейди Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң «Тарийх ҳәм ҳуқықтаныў» факультети студенти Султанбек Нодирбеков. Бул жерде музейдиң археология бөлими фондында сақланып атырған табылмалар жәрдеминде әййемги Хорезм аймағында халықтың дийқаншылық, шарўашылық, өнерментшилик ҳәм саўда-сатықтың жоқары дәрежеде раўажланғанын көриўимизге болады. Солай етип, өзиниң раўажланыў дәрежесине ийе болған Хорезм  түрли мәденият ҳәм хожалық түрлерин бирлестирген түпкиликли көпир болғанлығының да гүўасы болдық.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы