Депутатлар жас өспиримлерге энергетикалық ишимлик сатқан шахсларды жәрийма тәризинде жазалаўды усыныс етпекте. Бул мәселе Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясының Парламент төменги палатасының фракциясы жыйналысында Нызамшылық палатасы мәжилиси додалаўына киргизилиўи жобаластырылып атырған бир неше жойбарлар додаланыўында көрип шығылды.

«Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине энергетикалық ишимликлерди 18 жасқа толмаған шахсларға реализациялаў – пуқараларға ең кем мийнет ҳақының 5 есесинен 10 есесине шекем, лаўазымлы шахсларға болса – 7 есесинен 15 есесине шекемги муғдарда жәрийма белгилеўге себепши болады», – деп жазады партия баспасөз хызмети.

Еслетип өтемиз, «Азық-аўқат өниминиң сапасы ҳәм қәўипсизлиги ҳаққында»ғы нызамда энергетикалық ишимликлер түсинигине анықлық киргизилген. Сондай-ақ, «Реклама ҳаққында»ғы нызамда бундай ишимликлерди пайдаланыўдың зыяны, усыныс етилмейтуғын шахслар ҳаққындағы мәлимлеме болыўы кереклиги, сондай-ақ, телевидение ҳәм радио арқалы реклама етиў ўақытлары анық белгилеп қойылған. Балалар ҳәм жас өсипиримлер ушын арналған басылымларда, сондай-ақ, медицина, спорт ҳәм билимлендириў мәкемелеринде энергетикалық ишимликлерди реклама етиў қадаған етилген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.