Нөкис қаласында Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен академик В.Воҳидов атындағы Республикалық қәнигелестирилген хирургиялық илимий-әмелий    медицина орайының шөлкемлестириўинде «Қарын, көкирек қуўыслығы ағзалары, жүрек ҳәм қан тамырлары кеселликлерине диагноз қойыў ҳәм хирургиялық емлеўдиң жаңа технологияларын ислеп шығыў» темасында XXIII «Воҳидов оқыўлары – 2018» республикалық илимий-әмелий конференция болып өтти.

Конференцияға республикамыздағы, ўәлаятлардағы ҳәм Ташкент қаласындағы тараўға байланыслы медициналық мәкемелердиң қәнигелери қатнасты.

Конференцияны академик В.Воҳидов атындағы Республикалық қәнигелестирилген хирургиялық илимий-әмелий        медицина орайы директорының орынбасары М.Зуфаров алып барды.

Конференцияда Германияның Росток қаласындағы емлеўхана университетиниң бөлим баслығы профессор Ролф Оертер ҳәм басқалар шығып сөйлеп, тараўдағы жаңалықлар менен таныстырды. Адамның шатындағы қуяң кесели (грижа) хирургиясындағы лапароскопияның имканиятлары, семизликте ушырасатуғын эндовизуал хирургия, протезден соң қуяң кеселиниң (грижалардың) қайталаныў себеплери, қызыл өңештеги рак кеселлигин емлеўдиң көп жыллық тәжирийбеси, баўыр резекцион хирургиясындағы алдыңғы технологиялар, жақын ағайинлер арасындағы әмелге асырылатуғын баўыр трансплантациясының Өзбекстандағы алдыңғы тәжирийбелери туўралы кең түрде мағлыўмат берди.

Конференцияда абдоминал хирургия, көкирек қуўысы ҳәм қан-тамыр хирургиясы, кардиохирургия тараўлары бойынша жәми 34 баянат тыңланып, пикир алысыўлар болып өтти.

Илажда Өзбек-Немис медициналық мәсләҳәт орайларын ашыў ҳәм басқа да мәселелер бойынша келисимлер әмелге асырылды.

Илаж даўамында профессор Ролф Оертер О.Халмуратов атындағы республикалық көп тармақлы медицина бирлеспесиниң хирургия бөлимине барып, бул жерде онлаған аўыр жағдайдағы көкирек қуўыслығы ҳәм өкпе кеселликлери менен кеселленген наўқасларды көрип мәсләҳәтлерин берди. Олардың үшеўине жергиликли шыпакерлер менен биргеликте операция иследи.

Емлеўхананың шыпакерлери менен бирге мастер класс өткерди.

Сондай-ақ, конференция қатнасыўшыларының Мойнақ районына ҳәм басқа да республикамыздың дыққатқа ылайық орынларына саяхат етиўи нәзерде тутылған.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.