Жынаят-атқарыў нызамшылығын түпкиликли жетилистириў илажлары ҳаққындағы Президент қарары қабыл етилди.

Қарар тийкарында жынайы жазалардың орынланыўын тәмийинлеў тараўындағы нормативлик-ҳуқықый базаны және де жетилистириўдиң баслы бағдарлары белгиленди.

2019-жыл 1-январьдан Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы бас басқармасының Еркинен айырыў менен байланыслы болмаған жазалардың орынланыўын қадағалаў басқармасы тийкарында Жазаны орынлаў бас басқармасы жанындағы Пробациялық хызмети шөлкемлестириледи.

Шәртли ҳүким етилген ҳәм шәртли азат етилген шахслардың минез-қулқы үстинен тәсиршең қадағалаўды әмелге асырыў пробациялық бөлимшелериниң тийкарғы ўазыйпаларының бири етип белгиленди.

2019-2020-оқыў жылынан баслап Ишки ислер министрлиги Академиясында «Жынайы жазаларды орынлаў хызмети» қәнигелиги бойынша оқыў енгизиледи.

Сондай-ақ, қарар тийкарында 2019-2020-жыллары Өзбекстан Республикасы жынаят-атқарыў нызамшылығын жетилистириў концепциясы тастыйықланды.

Концепция шеңберинде жынаят-атқарыў нызамшылығының халықаралық стандартларға сәйкеслигин қайта көрип шығыў, қамақтағыларды камера типинде сақлаўды енгизиў, сондай-ақ, белгили бир ҳуқықтан айрылған адамларды қайта кәсиплик таярлаў мәселелери нәзерде тутылған.

Соның менен бирге, еркинен айрылғанлардың мийнет ҳақысынан мәмлекетлик социаллық қамсызландырыўға ажыратпалар өткериўге болған шеклеўди бийкар етиў, сондай-ақ, оларды жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў мәкемелеринде аралықтан оқытыўды енгизиў де концепцияда өз көринисин тапқан.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.