Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги ҳәм Британия Кеңесиниң Өзбекстандағы ўәкилханасы халық билимлендириў системасында инглис тили оқытыўда реформаларды әмелге асырыўға таярлық көрмекте, деп жазады Gazeta.uz.

Реформалардан гөзленген мақсет, оқыў жобалары, тест алыў/баҳалаў, методология ҳәм материаллар арқалы билимлендириўдиң сапасын және де жақсылаў, муғаллимлердиң мийнет нәтийжелилигин арттырыў ушын шараятлар жаратыўдан ибарат.

3-12-нобярь күнлери Ташкентте халық билимлендириў системасында инглис тили оқытылыўында реформаларды қоллап-қуўатлаў бойынша жаңа миллий командасының жыйналысы болып өтпекте. Муғаллимлер, тренерлер ҳәм Британия Кеңеси қәнигелеринен ибарат болған команда оқытыўды реформалаў бойынша әҳмийетли усынысларды ислеп шығыўы керек.

Команданы Британияның мектеплеринде инглис тилин оқытыў бойынша консультант, инглис тилин оқытыў ҳәм жаңа әўлад сабақлықларын жаратыў бойынша 25 жыллық тәжирийбеге ийе Венди Арнольд қоллап-қуўатламақта.

Консультант 2014-жылы Өзбекстан мектеплеринде оқытыў әмелиятын үйрениўдиң жуўмақлары бойынша өз усынысларын бергенин еслетип өтти. Сол гезде ол CEFR шет тиллерин билиў дәрежесиниң үлкен жастағыларға арналған версиясын, соның ишинде, А1 дәрежесин баслаўыш мектеплердиң 4-класс питкериўшилери ушын орнатылған тәлим стандартындағы балаларға арналған дәрежеге алмастырыўды усыныс еткен еди.

Сондай-ақ, Венди Арнольд 4-класты питкерген ўақытта емес, ал 6-класты питкергенде А1 дәрежеге, 7- емес, ал 9-класты питкергенде А2 дәрежесине ерисиў ҳақыйқатқа жақын деп есаплайды.

Өз усынысларын тийкарлар екен, консультант ElliE (Early English Learning in Europe) жойбарын үйрениў нәтийжелерин айтып өтти. Оған бола, Испания, Венгрия, Польша ҳәм басқа мәмлекетлерде баслаўыш мектеплерди питкериў бойынша орташа А1 дәрежеси (тек ғана аўызеки сөйлесиў ҳәм еситиў) көрсетилиўи, оқыўшылар көплеген телебағдарламалар ҳәм фильмлерди тамашалаў, кластан тыс ўақытларда сөйлесиў имканиятына ийе болған.

Венди Арнольд баслаўыш класлар муғаллимлери турақлы түрде Kids’ English оқыў комплекти және оқытыў методологиясын үйренип барыўы зәрүр екенлигин атап өтеди.

Миллий команда тәрепинен ислеп шығылған усыныслар Халық билимлендириў министрлигине усыныс етиледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.