Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде Түркияның Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Аҳмет Башар Шен басшылығындағы делегацияны қабыллаў мәресими болды.

Илажда  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов мийманларды республикамызға сапары менен қутлықлап, Президентимиздиң басшылығында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар менен жақыннан таныстырды ҳәм республикамыз халқының денсаўлығын беккемлеўде көрсетип атырған жәрдемине айрықша миннетдаршылық билдирди.

Өз гезегинде елши Аҳмет Башар Шен шын жүректен қабыл еткени ушын республикамыз басшысына миннетдаршылық билдирди. Сапар етиў даўамындағы режелер, келешекте биргеликте әмелге асырылатуғын жойбарларға тоқтап өтти.

Еслетип өтемиз, «Өзбекстан-Түркия саламатлық ҳәптелиги» илажы шеңберинде түркиялы тәжирийбели шыпакерлер республикамызда болып, наўқасларды тереңлестирилген медициналық тексериўден өткерди ҳәм зәрүр болғанларына пластикалық, реконструктивлик ҳәм гинекологиялық операциялар иследи.

Қабыллаўда Түркия Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң Саламатлық сиясатлары Бас басқармасының баслығы Ориф Четин, Түркияның бирге ислесиў ҳәм муўапықластырыў агентлигиниң (ТИКА) басшысы Али Ихсан Чағлар елши менен бирге болды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.