Пайтахтымыздағы «International Hotel Tashkent»  мийманханасында «Мәмлекеттиң демократиялық жаңаланыўы ҳәм модернизациясында ҳаяллардың роли: Өзбекстан тәжирийбеси ҳәм халықаралық әмелият»  атамасында халықаралық конференция болып өтти.

Мәмлекетимиз басшысының 2018-жыл 2-февральдағы «ҲаяЛ-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм шаңарақ институтын беккемлеў тараўындағы жумысты түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманының орынланыўы шеңберинде шөлкемлестирилген бул илажда жергиликли ҳәм халықаралық ҳаяллар институтларының ўәкиллери, сиясий, социаллық-экономикалық турмыста белсенди ҳаяллар қатнасты.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының орынбасары Светлана Ортиқова, БМШ Бас хаткериниң арнаўлы ўәкили, Орайлық Азияда превентив дипломатия бойынша регионаллық орайдың басшысы Наталья Герман, БМШ Раўажланыў бағдарламасының елимиздеги турақлы ўәкили Хелена Фрейзер ҳәм басқалар Орайлық Азияда, соның ишинде, Өзбекстанда ҳаял-қызлардың гендер теңлиги мәселеси мәмлекетлераралық сиясий әҳмийетке ийе болып, бул олардың мәмлекетлик басқарыўдағы абырайын ҳәм орнын беккем ийелеўинде және ҳаяллардың жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыў, түрли тараў ҳәм тармақларда қатнасыўын тәмийинлеў, ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў, аналықты ҳәм балалықты ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўда әҳмийетли екенин атап өтти.

Усы сыяқлы талаплардан келип шығып шөлкемлестирилген бул халықаралық әнжуман да елимизде ҳаял-қызларды материаллық ҳәм мәнаўий хошаметлеў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў жолында әмелге асырылып атырған реформаларға уқсаслығы менен итибарға ылайық. Оннан тийкарғы мақсет болса халықаралық жәмийетшиликти Өзбекстан ҳаялларының жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик басқарыўдағы дәрежеси, жәмийетлик-сиясий, экономикалық бағдарлардағы белсене қатнасы менен таныстырыў, өз гезегинде, халықаралық тәжирийбени үйрениў ҳәм әмелиятқа енгизиў болып есапланады.

Бүгин елимизде ҳаял-қызлардың барлық тараўлар бойынша белсене қатнасыўы тәмийинленбекте. Олар арасында 17 сенатор, 15 Нызамшылық палатасының депутаты, 15 Өзбекстан Қаҳарманы, 6 академик, 514 илим докторының бар екенлиги әҳмийетли. Соның ишинде, жергиликли Кеңес депутатларының 23 проценти, илим, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, мәденият ҳәм көркем өнер тараўларында жумыс ислеп атырған хызметкерлердиң 72 проценти ҳаяллар болып есапланады. 8,5 мыңнан көбирек ҳаяллар мәҳәллелердеги диний ағартыўшылық ҳәм мәнаўий – әдеп-икрамлылық тәрбия мәселелери бойынша мәсләҳәтши лаўазымында ислейди. 285 талантлы қызларымыз Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлықтың ийеси болып табылады.

Бүгин елимизде ҳаяллардың белсендилигин арттырыў, олардың ҳәр қыйлы тараўда өз қәбилети менен имканиятларын жүзеге шығарыў ушын шараят жаратыў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Оған Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитетиниң халықаралық көлемде орнатқан байланыслары анық дәлил бола алады. Мысал ушын, бүгин комитет ҳаяллар мәселесине байланыслы бағдарларда Россия, Әзербайжан, Түркменстан, Қазақстан, Қытай, Германия сыяқлы мәмлекетлер менен өз-ара халықаралық бирге ислесиўди жолға қойған.

Шаҳрисабздағы «GULNOR ART» жуўапкершилиги шекленген жәмийети басшысы Гулнора Одилова жәмийетте өз орнын ийелеген белсенди ҳаяллардан болып табылады. Бүгинги күнде бул кәрханада 75 түрдеги миллий өнимлер ислеп шығарылмақта. Әҳмийетлиси, кәрханада  250 ден аслам ҳаял жумыс пенен тәмийинленген.

– Анамның анасы Бухара әмири ушын шапан тиккен екен,-деди Гүлнара апа. –Бүгин жәмәәтимиз тиккен өнимлер болса дүнья ўәкиллериниң нәзерине түсти. Буны мен апаларымыздың миллий дәстүрлерин әўладтан-әўладқа қалдырған муқаддес мийрасы, деп билемен. Бул халықаралық илаж елимизде исбилермен ҳаялларға қаратылып атырған итибардың әмелдеги белгиси болды. Себеби, елимизде ҳаял-қызлар бәрқулла қәдирленген. Оны өз исбилерменлик жумысымнан билемен. Ҳәр бир идея үстинде ислеп атырғанымда Ҳүкимет ҳәм Ҳаял-қызлар комитетиниң жәрдемин сезип тураман.

– Бүгинги күнде Аўғанстанда да ҳаял-қызлар мәселеси тийкарғы орынды ийелемекте,-деди Аўғанстан ҳаял-қызлар мәселелери бойынша министри Дилбар Назарий. – Ҳаялларымызға еркинлик бериў, теңлигин тәмийинлеў ҳәм мәмлекетлик басқарыўда белсендилигин арттырыў мәселеси Конституциямызда белгилеп қойылған. Ҳәзирги күнде бул бағдарда нызам ҳәм нормативлик ҳүжжетлер ислеп шығылмақта. Ҳәзирги күнде 27 процент ҳаяллар төменги парламентте, 26 проценти мәмлекетлик уйымларда, 1 проценти әскерий тараўда, 39 проценти мектепте, 23 проценти жоқары оқыў орынларында ҳәм 17 проценти басқа да бағдарларда жумыс алып бармақта. Бул бағдарда машқалалар болыўына қарамай, ҳаял-қызлардың тең ҳуқықлылығы мәселесин шешиўге ериспектемиз. Буның тийкарғы себеби болса аўған ҳаялларының тынышлықты қәлеўинде, тынышлық тәрепдары екенинде. Сол себепли Өзбекстан, БМШ ҳәм басқа да мәмлекетлер бизди қоллап-қуўатлап атырғанынан оғада миннетдармыз. Ташкентте өткерилген бүгинги ушырасыў пайдалы байланысларды буннан былай да беккемлеўге, тәжирийбелерди үйрениўге кең имканиятлар ашып береди.

Илаж шеңберинде қатнасыўшылардың Самарқандқа сапары нәзерде тутылған.

Әнжуманда Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары, Республикалық Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Танзила Норбоева шығып сөйледи.

Насиба ЗИЁДУЛЛАЕВА,

ӨзАның хабаршысы