Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатында 6-ноябрь күни Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминдеги Италия басшылығының гендер мәселелери бойынша арнаўлы ўәкили Мелани Вервир менен ушырасыў болып өтти.

Олий Мажлис Сенаты Баслығының орынбасары С.Ортиқова мийманларға елимизде ҳаял-қызлардың шаңарақ ҳәм жәмийеттеги орны менен абырайын беккемлеў, олардың ҳуқықларын қорғаў, жәмийетлик-сиясий ҳәм медициналық мәдениятын, интеллектуаллық потенциалын арттырыў бойынша әмелге асырылып атырған реформалар ҳаққында айтып берди. Аналықты ҳәм балалықты қорғаў, ҳаял-қызлардың жәмийетлик турмыстағы жумысын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға қаратылып атырған итибар, әмелге асырылып атырған жойбарлар, бул бағдардағы халықаралық бирге ислесиў менен таныстырылды.

Илажда атап өтилгениндей, соңғы жылларда ҳаял-қызлардың мәмлекетлик басқарыў, ўәкилликли уйымлар, исбилерменлик ҳәм бизнес тараўындағы, сондай-ақ, жәмийеттиң жәмийетлик-сиясий турмысының басқа тармақларындағы белсендилиги және де артқан.

Сөйлесиў ўақтында ҳаял-қызлардың ҳуқықларын қорғаў, шаңарақ ҳәм жәмийеттеги абырайын беккемлеўде Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 2-февральдағы «Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм шаңарақ институтын беккемлеў тараўындағы жумысты түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы әҳмийетли орын ийелеп атырғаны атап өтилди. Елимизде ҳаял-қызлардың мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўдағы қатнасын арттырыў, бәнтлигин тәмийинлеў мәселелери бойынша пикир алысылды. Сондай-ақ, ҳаяллар исбилерменлигиниң ҳәр қыйлы түрлерин раўажландырыў, ҳаяллардың мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлериниң елимиз турмысында ҳәм ҳаял-қызлардың халықаралық ҳәрекетинде белсене қатнасыўын қоллап-қуўатлаў бойынша бирге ислесиўди беккемлеў, сол арқалы гендер теңликти тәмийинлеўге қаратылған жумысты муўапықластырыў сыяқлы ўазыйпалар додаланды.

Ушырасыўда, сондай-ақ, халықаралық экспертлер тәрепинен ЕҚБШның 2004-жылы қабыл етилген Ҳәрекетлер режесине муўапық дүнья мәмлекетлеринде шөлкем миннетлемелериниң орынланыўы, ҳаял-қызлардың ҳуқықларын қорғаў, гендер теңлигин тәмийинлеў бағдарларында алып барылып атырған жумыслар бойынша мағлыўматлар берилди.

Мелани Вервир Өзбекстанда инсан ҳуқықлары жоқары қәдирият дәрежесине көтерилгенин, атап айтқанда, гендер теңликти тәмийинлеў бойынша бир қатар әмелий ҳәрекетлер жоқары пәтлерде алып барылып атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Пайтахтымызда болып өтетуғын «Мәмлекетти демократиялық жаңалаў ҳәм модернизациялаўда ҳаял-қызлардың орны: Өзбекстан тәжирийбеси ҳәм халықаралық әмелият» атамасындағы халықаралық конференция бул бағдарда өз-ара тәжирийбе алмасыў, дүньяда бар алдынғы тенденцияларды енгизиў бойынша өз-ара пикир алысыў ушын қолайлы платформа болатуғынын атап өтти.

Илаж соңында бирге ислесиў бағдарлары, перспективалы режелер бойынша мәсләҳәтлесиўлерди даўам еттириўге келисип алынды.

Зуҳра МИРЗАБОЕВА,

ӨзА ның хабаршысы