Нызамшылық ҳүжжетлери тәсирин баҳалаў системасы порталында Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске, «Реклама ҳаққында», «Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳаққында» ҳәм «Балаларды олардың денсаўлығына зыян жеткеретуғын мәлимлемеден қорғаў ҳаққында»ғы нызамларға киргизилген дүзетиўлерди өз ишине алған нызам жойбары додаланбақта, деп жазады Gazeta.uz.

Октябрь айында «Жәмийетлик орынларда шылым ҳәм электрон сигареталар шегиўди шеклеў ҳаққында»ғы нызам күшке кирген еди. Бирақ, ҳәзирги ўақытта бул шеклеўди бузғаны ушын жуўапкершилик айрықша көрсетилмеген. Нызам жойбарында бул кемшилик сапластырылды:

А) қадаған етилген орында шылым ҳәм электрон сигареталар шеккени ушын ең кем мийнет ҳақының 1/3 бөлими (материал жәрияланған сәне бойынша – 67 577 сум) муғдарында жәриймаға тартылады. Бүгинги күни темеки өнимин пайдаланғаны ушын усындай жәрийма муғдары белгиленген (Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 561-статьясы);

Б) Шылым ҳәм электрон сигареталар шегиў ушын жәмийетлик орынларда жайласқан бөлмелерди ямаса шылым және вейплердиң өзин пайдаланыўға бергени ушын айрықша статья нәзерде тутылмақта. Буның ушын бир қанша жоқары муғдарда: пуқараларға ең кем мийнет ҳақының 5 есесинен 10 есесине шекемги муғдарда (1 013 650 сум – 2 027 300 сум), лаўазымлы шахсларға ең кем мийнет ҳақының 10 есесинен 15 есесине шекемги муғдарда (2 027 300 сум – 3 040 950 сум) жәрийма салыў усыныс етилген.

Сондай-ақ, нызамда шылым ҳәм электрон сигареталар шегиўди реклама ҳәм үгит-нәсиятлаўға жол қйомаў нәзерде тутылған. Сол себепли, «Реклама ҳаққында»ғы Нызамға киргизилетуғын тийисли дүзетиўлер исленген. Оған муўапық, төмендегилер қадаған етиледи:

– бундай өним үлгилерин бийпул тарқатыў;

– олардың аты, товар белгиси ямаса көриниси көрсетилетуғын илажларға қәўендерлик етиў;

– усындай атамалар ҳәм товар белгилеринен пайдаланылған товарларды (футболкалар, бас кийимлер, ойынлар ҳәм т.б.) тарқатыў, соның ишинде, сатыў;

– саўда объектлериниң фасады, кириў (машинада кириў) орны, төбе тәрепи, көтерилетуғын предметлери ҳәм басқа орынларында олардың көринислери, атамалары ҳәм олар ҳаққындағы басқа мәлимлемени орнатыў.

Шылым ҳәм электрон сигареталар нызамға қайшы түрде ислеп шығарылыўы ҳәм реализацияланыўына қарсы гүрес алып барылады («Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳаққында»ғы Нызам) . Балаларда шылым ямаса вейп шегиў қәлеўин оята алатуғын мәлимлемелер ушын қадаған етилген болып, «18+» белгиси менен маркаланыўы керек.

Жойбар өзгертилиўи, оған қосымшалар киргизилиўи ямаса бийкар етилиўи де мүмкин.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.