Нөкис қаласында жасаўшы пуқара Камилжан Юлдашев қоңсылас Түркменстан мәмлекетинде туўылып өскен, сол елде орта мектепти тамамлаған. Соң Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде билим алған ҳәм Қарақалпақстанда жасап қалған.

Бирақ К.Юсупов шерек әсирден берли Өзбекистан пуқаралығын ала алмай киятырған еди.

Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 12-сентябрьдеги «Өзбекистан Республикасының пуқаралығына қабыл етиў ҳаққында»ғы Пәрманына муўапық ол пуқаралыққа қабыл етилди.

Усы мүнәсибет пенен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде Өзбекистан Республикасының пуқаралық паспортларын тапсырыў салтанаты болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов жыйналғанларды пуқаралық паспортын алыўы менен қутлықлады.

Узақ ўақыт пуқаралығы болмай қыйналып жүрген К.Юсупов Президентимизге шексиз миннетдаршылығын билдирмекте ҳәм алдағы ўақытлары бар күш-жигерин, билимин ғәрезсиз Өзбекистанның  буннан былай да раўажланыўына, перзентлеримиздиң бахытлы келешегине жумсаўға бел байлаған.

Илажда кәсип-өнер колледжлери менен академиялық лицейлердиң, улыўма билим бериў мектеплериниң 16 жасқа толған бир топар оқыўшыларына да биометрикалық паспортлар тапсырылды.

Пуқаралық паспортларын тапсырыў салтанатына Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қатнасты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги