Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Раўажланыў бағдарламасының «Жүз марафон, Жүз күн, Бир себеп: Суў» атамасындағы спорт-үгит-нәсият акциясы усы жылдың 17-23-ноябрь күнлери аралығында Хорезм ўәлаяты ҳәм Қарақалпақстан Республикасы бойлап даўам етеди.

Австралиялы Гули Эмма Серафина Линдсей (Гули Мина) усы аймақлар арқалы болып өтетуғын марафонда жуўырады. Соның менен бирге, оның қасында Суў мәселелери бойынша глобаллық бирге ислесиў жойбарының Австралия және Қубла Африка Республикасынан болған 5 адамнан ибарат Бақлаў комитети қурамы да қатнасады.

Акция 17-ноябрь күни Ургенш қаласында старт алады. Марафоншы Гули Мина Ургенш-Нөкис автомобиль жолының 42,2 километрлик бөлимин жуўырып басып өтиўи, жолда аймақ турғынлары менен сәўбетлесиўи жобаластырылған. Сондай-ақ, акция шеңберинде дәслеп Ургенш, соңынан Нөкис қалаларында жергиликли ҳәкимият уйымлары және ғалаба хабар қураллары ўәкиллери менен ушырасыўлар өткериў күтилмекте.

Акцияның екинши күни – 18-ноябрьде олар Мойнақ районына барып, сол жерде район ҳәкимлиги ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери менен ушырасыў өткерип, акцияның әҳмийети ҳәм мақсети бойынша сәўбетлесиў өткериў жобаластырылған. Марафонның екинши этапы Мойнақтағы «Корабльлер қойымшылығы» естелигинен Үшсай посёлкасы арқалы Батыс Арал жағалаўларына шекемги 42,2 километрлик аралықта даўам еттириледи.

Марафоншы 19-21-ноябрь күнлери Батыс Арал жағалаўларына барып, және Мойнаққа қайтып келиўи, 22-ноябрь күни Порлытаў посёлкасындағы Междуречье суў сақлағышына барыўы күтилмекте.

Акцияны өткериўден гөзленген тийкарғы мақсет, спорт ҳәм саламатлық илажларын үгит-нәсиятлаў арқалы глобаллық машқала болып турған ишимлик суўының жетиспеўшилиги, соның ишинде, Арал теңизиниң қурыўы ақыбетинде жүз берип атырған экологиялық кризиске дүнья жәмийетшилигиниң итибарын қаратыўдан ибарат.

Акция жуўмақлары бойынша 22-ноябрь күни Нөкис қаласында баспасөз конференциясы өткерилиўи жобаластырылған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.