5-ноябрьдеги Президент қарарына муўапық Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министриниң орынбасары лаўазымына Бузрукхонов Сарвархон Мунавархонович тайынланды.

Сарвархон Бузрукхонов 1969-жылы туўылған, мағлыўматы жоқары. 1993-жылы Ташкент финанс институтын питкерген. Экономика илимлериниң кандидаты, доцент.

Бул лаўазымға тайынланыўдан алдын Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң Қаржыландырыў ҳәм бухгалтерия есабы басқармасы баслығы лаўазымында ислеген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги