2019-жылдан баслап Өзбекстанның улыўма орта билим бериў мектеплеринде ислеп атырған 1-категориялы муғаллимлердиң мийнет ҳақысы 2,2 млн сум әтирапында болады. Бул ҳаққында Қаржы министриниң орынбасары Дилшод Султонов ҒХҚ ўәкиллери менен 2018-жыл бюджет орынланыўы ҳәм 2019-жылғы мәмлекетлик бюджет параметрлерине арналған ушырасыўда мәлим етти, деп жазады Kun.uz.

Оның айтыўынша, 2018-жылы айрым категориядағв хызметкерлердиң мийнет ҳақысының муғдарын дифференциалластырылған тәризде арттырыў имканы пайда болған. Атап айтқанда, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң педагог ҳәм басшы кадрлары, дефектолог ҳәм психологларының мийнет ҳақы муғдарын арттырыў ушын усы жылдың март-декабрь айларында 315 млрд сум ажыратылған.

Султоновтың айтыўынша, 2018-жыл 1-марттан жоқары мағлыўматлы таярлаў топары (5 жастан 6-7 жасқа шекемги) тәрбияшылардың мийнет ҳақысы 30% ке, 2018-жыл 1-сентябрьден және 44% ке көбейтилген. Усылайынша олардың базалық тариф ставкалары улыўма билим бериў мектеплери баслаўыш класс муғаллимлери базалық тариф ставкаларының көлемлерине теңлестирилди. Солай етип, олардың мийнет ҳақысы 2019-жыл 1-январь ҳалатына 1 млн 614 мың сумға жетеди.

«Буған қосымша түрде улыўма билим бериў мектеплери муғаллимлериниң тәжирийбе категориясынан келип шыға отырып көбейтиў, тәжирийбе категориясын бериў тәртибин жетилистириў ҳаққында қарар қабыл етилди. Оған муўапық, 1-басқышта 2018-жы 1-сентябрьден баслап баслаўыш класс муғаллимлериниң базалық тариф ставкаларының муғдары 10% ке, жоқары класс муғаллимлериниң базалық тариф ставкаларының муғдары 24% ке шекем, директорлар, олардың орынбасарлары ҳәм китапханашылардың базалық тариф ставкаларының муғдары 10% ке көбейтилди.

2-басқышта тәжирийбе категориясына қарай муғаллимлерге 10% тен 25% ке шекем, директорлар, олардың орынбасарлары ҳәм китапханашыларға және 10% ке көбейтилди. Нәтийжеде 2019-жыл 1-январьға барып 1-категориялы муғаллимниң базалық тариф ставкасы 45% ке көбейеди. Қолға тийетуғын айлық мийнет ҳақы, директор қорынан орташа 10% ке шекем үстеме және дәптерлерди тексергенлиги және класқа басшылық еткени ушын қосымша ҳақылар төленсе, сондай-ақ, салық реформасы нәтийжесинде оның алатуғын мийнет ҳақысы 2,2 млн сумды қурайды», – деп айтып өтти Дилшод Султонов.

Министр орынбасарының мәлим етиўинше, тәжирийбе категориясына ийе болмаған қәнигелик муғаллим ҳәм жоқары категориялы муғаллим арасындағы парқ 21% тен 38% ке көбейеди. Быйылғы жылы жоқары оқыў орынларының профессор-оқытыўшылары мийнет ҳақысын көбейтиў ҳаққында еки қарар қабыл етилген, атап айтқанда:

– 2018-жыл 1-сентябрьден баслап жоқары оқыў орынлары басшы хызметкерлери ҳәм профессор-оқытыўшыларының лаўазымлық мийнет ҳақыларын дифференциалластырылған ҳалда – орташа 25% ке көбейтилди. Буның нәтийжеси сыпатында, стажёр-оқытыўшы ҳәм илим докторы илимий дәрежесине ийе профессор мийнет ҳақысының муғдарлары арасындағы парқ 90-жыллар дәрежесинде тикленди ҳәм екиге бир салыстырмасын қурады.

– жоқары оқыў орынлары басшы хызметкерлери ҳәм профессор-оқытыўшыларының мийнет ҳақы муғдарлары 2019-жыл 1-январьдан баслап – 20% ке ҳәм 2019-жыл 1-июльден баслап және 25% ке көбейтиледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.