Қарақалпақстан Республикасы Телерадиокомпаниясының «Қарақалпақстан» радиоканалы 18 саат даўамында өз еситтириўлерин эфирге узатпақта.

Бул ҳаққында усы радиода жумыс ислейтуғын Наўрыз Башбаев өзиниң Фейсбуктағы бетинде мәлим етти.

Күн даўамында азанғы саат 7:00 ден түнги саат 00:00 ге шекем «Қарақалпақстан» радиоканалын DVT2 форматындағы телеузатқышлар арқалы тыңлаў имканияты жаратылды.

Мағлыўмат ушын, «Қарақалпақстан» радиоканалы Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстандағы тарийхы ең бай радиоканаллардан бири болып табылады. Радиоканал өз еситтириўлерин XX әсирдиң 30-жылларынан берли турақлы түрде эфирге узатып келмекте.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.