Үлкемизге гүз-қыс мәўсими кирип келиўине байланыслы ҳаўа райы күн сайын суўытпақта. Өз гезегинде энергия ресурсларынан пайдаланыўға деген талап еки-үш есеге көбейип атыр.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ  2018-жыл 1-ноябрь күнги 897-санлы қарарына тийкарланып усы жыл 16-ноябрь күнинен баслап бир куб метр тәбийғый газдиң баҳасы 320 сўм, бир киловатт электр энергиясының баҳасы 250 сўм деб белгиленген.

Төлемлер усы жыл 16-ноябрь күнине шекем ҳәзирги күнги тарифте, яғный бир куб метр тәбийғый газ ушын 289 сўм  74 тийин, бир киловатт электр энергиясы ушын 228 сўм  60 тийин баҳасында алынады.

Сонлықтан, халықымызды, кәрхана, мекеме, шөлкемлерди ҳәм басқа да хожалық жүргизиўши исбилерменлик субъектлерди электр энергиясынан, тәбийғый газ ҳәм ишимлик суўдан пайдаланғанлығы ушын жүзеге келген қарызды ҳәм алдын-ала төлемлерди тез арада әмелге асырыўға шақырамыз.

Төлемлерди өз ўақтында ҳәм алдын-ала төлесеңиз – тармақлардан ажыратылыўдың, жәрийма яки нызамға муўапық жуўапкершилик шаралардың алдын алған боласыз !   

 

Мәжбүрий орынлаў бюросы

Қарақалпақстан Республикасы

Басқармасы